Наргиза ҳәм Аякөздиң Жәҳән кубогиндеги жеңиси

7

12-14-декабрь күнлери Венгрия мәмлекетиниң Будапешт қаласында спорттың қылышпазлық түринен жәҳән кубоги болып өтти.

Дүнья жүзиниң 36 мәмлекетинен 223 спортшы қатнасқан бул жарыста, Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы қызлары сыйлы үшинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, сайланды команда қурамында Фернанда Херрера менен бирге, республикамыз спортшыларынан Наргиза Жақсыбаева ҳәм Аякөз Жумамуратовалар командамыздың жеңисине өзлериниң салмақлы үлесин қосты.

Атап айтқанда, қызларымыз 1/8 финалда Уллы Британияны 45:30, 1/4 финалда Болгарияны 45:44 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм Италия менен Германия  сайланды командаларынан соң үшинши орынды ийеледи.

Қылышпаз қызларымызды ҳәм олардың устазларын қолға киргизген бул үлкен табысы менен қутлықлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы