Қуяш панелиндеги насазлық сапластырылды

18

Беруний районында жасаўшы пуқара С.К. қуяш панельлерин орнатыў бойынша “Т.Н.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен 160 миллион сумлық шәртнама дүзген.

Шәртнамаға тийкар, қуяш панеллери орнатып кетилген. Бирақ арадан көп өтпей қуяш панелиндеги насазлық себепли өрт келип шыққан. Пуқара “Т.Н.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қайта-қайта мүрәжат еткен, бирақ машқала шешилмеген.

Нәтийжеде бул жағдай бойынша әмелий жәрдем сорап, Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясына мүрәжат етиўге мәжбүр болған. Беруний районы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң қәнигелери тәрепинен мүрәжат белгиленген тәртипте үйренилди. Өткерилген ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде тутыныўшының талабы есапқа алынып, “Т.Н.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен панеллер оңлап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги