Биринши гезекте қайсы категориядағы дәрилер “электрон рецепт” тийкарында берилетуғыны белгиленди

“Электрон рецепт” системасын басқышпа-басқыш енгизиў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Режеге бола, наўқасларға тайынланған дәри-дәрмақлар ҳаққындағы мағлыўмат электрон рецептке тиккелей шыпакер тәрепинен киргизиледи ҳәм электрон тастыйықлаў усыллары арқалы тастыйықланады.
Электрон рецептке өткерилетуғын дәри қуралларының топарларын қәлиплестириў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министриниң буйрығы менен Экспертлер кеңеси шөлкемлестириледи.
Рецепт пенен берилетуғын дәри қуралларын электрон рецепт тийкарында тайынлаўдың 1-басқышында төмендеги дәри қураллары электрон рецепт тийкарында белгиленеди:
– антибиотиклер ҳәм системалы тәсир етиўши синтетикалық антибактериал дәри қураллары;
– системалы тәсир етиўши гормонал дәрилер.
Сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында шөлкемлестирилген 1003 қысқа санлы Call-орай арқалы төсек режиминде болған ҳәм созылмалы кеселликке шатылған наўқаслар ушын төмендеги имканиятлар тәмийинленеди, соның ишинде:
– өзлери бириктирилген шаңарақлық шыпакерге мүрәжат етиў;
– емлеў курсын даўам еттириў мақсетинде өз шаңарақлық шыпакерине (ямаса тараў қәнигесине) аралықтан мүрәжат етиў арқалы электрон рецепт алыў,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги