Өзбекстанда бренд кофе ушын бажыхана бажылары бийкар етилди

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанға импорт етилетуғын бренд өнимлерине қолланылатуғын жеңиллетилген бажыхана бажыларының дизимин кеңейтиўге байланыслы қарарға қол қойды.
Жаңа өзгерислер төмендеги бағдарларға хызмет етеди:
- халықаралық компаниялар менен өндирис ҳәм саўда кооперациясын күшейтиў;
- Өзбекстанға ири жәҳән брендлерин тартыў;
- усақлап сатыў базарын раўажландырыў;
- мәмлекетте шопинг-туризм (сатып алыў ушын саяхат) көлемин арттырыў.
Төменлетилген бажыхана бажылары тек ғана товар бренд ийеси менен тиккелей шәртнама тийкарында ямаса оның рәсмий дистрибюторы, дилери, саўда ўәкили ямаса лицензиат арқалы алып кирилгенде әмел етеди.
Бул талап контрафакт өнимлерди шеклеў ҳәм базарда сапаны тәмийинлеўге қаратылған.
Жеңиллетилген бажы ставкалары төмендеги товарларға енгизилди:
- кофе ҳәм кофе қосылған өнимлер – 0 процент;
- турмыслық шамлар – 10 процент;
- пластикалық, ағаш, металл ыдыс-табақ ҳәм асхана буйымлары – 10 процент;
- себетлер ҳәм орамлы буйымлар – 10 процент;
- қолда тоқылған ҳәм басқа да гилемлер – 10 процент;
- жаўлықлар ҳәм саяхат көрпелери – 5 процент;
- асхана ҳәм стол дастурханлары – 10 процент;
- перделер – 5 процент;
- фарфор, керамика ҳәм шийше ыдыслар – 10 процент;
- қасық, вилка, пышақ ҳәм асхана үскенелери – 10 процент.
Атап өтилиўинше, бул қарар жергиликли базарда сапалы бренд өнимлериниң баҳасын төменлетеди. Сондай-ақ, нызамсыз импорт ҳәм “саядағы базар”дың үлесин азайтады, саўда орайлары ҳәм туристлик аймақларда жәҳән брендлериниң саны артыўына алып келеди ҳәм хызметлер тараўында жаңа жумыс орынларының жаратылыўына түртки береди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги