Китапханашылардың шеберлиги сыннан өткерилди

Китап оқыў, басып шығарыў ҳәм келешек әўладты китапқумарлыққа деген қызығыўшылығын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бул бағдардағы ийгиликли ислер билимлендириў тараўында айрықша көзге тасланбақта.
Усы бағдардағы жумыслардың даўамы ретинде улыўма орта билим бериў мектеплеринде жумыс ислеп атырған китапхана баслықларының кәсиплик шеберлигин раўажландырыў, олардың өз үстинде ислеўи ушын имканият жаратыў, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў ҳәм еле де жетилистириў, өз-ара тәжирийбе алмасыў жумысларын муўапықластырыў, мәлимлеме коммуникация технологияларынан пайдаланыў бойынша көнликпелерин раўажландырыў сондай-ақ, дөретиўшилик белсендилигин арттырыў мақсетинде министрликтиң басламасы менен мектеп китапхана баслықлары арасында таңлаўдың район (қала)лық басқышы өткерилген еди.
Таңлаўға район (қала)лық басқышында жеңимпаз болған 15 улыўма билим бериў мектеп китапхана баслықлары Қарақалпақстан Республикасы басқышында өз-ара беллести. Таңлаў шәртлериниң орынланыўы төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылып, онда Мойнақ районы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң китапхана баслығы П. Карабекова биринши, Қанлыкөл районы 22-санлы улыўма билим бериў мектеби китапхана баслығы Д. Даулетбаева екинши, Тақыятас районы 16-санлы улыўма билим бериў мектеби китапхана баслығы Г. Бекетовалар үшинши орынларды ийеледи.

– Жас әўладқа китап оқыўды үйретиў ҳәм олардың қызығыўшылығын арттырыў ушын биринши устазлар менен китапханашылар терең билимге ийе болыўы керек. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен китапқумарлықты арттырыў бойынша көплеген имканиятлар, шараятлар жаратылып берилмекте. Биз бул имканиятлардан орынлы пайдаланып, келешек әўладты социал тармақлардан орынсыз пайдаланыўына жол қаймай, оларды китап оқыў мәдениятына үйретип барсақ жақсы нәтийжелерге ерисемиз, – дейди таңлаўдың биринш орын жеңимпазы П.Карабекова.
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги