Ҳуқықый қорғаў системасын және де жетилистириў зәрүр

14

Мәмлекетимизде соңғы жыллары инсан ҳуқықларын, әсиресе, халықтың әззи қатламлары – ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. “Инсан қәдирин жоқарылатыў” принципине тийкарланған ҳалда әмелге асырылған реформалар кең көлемли ҳуқықый ҳәм институционаллық өзгерислерди өз ишине алып, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта. Бунда 2023-жылы қабыл етилген Конституцияның жаңа редакциясы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде ҳуқықый кепилликлерди ең жоқары дәрежеге көтерди.

Институционаллық негизди беккемлеў мақсетинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң ўәкилликлери кеңейтилди, жазаны орынлаў мәкемелеринде қыйнаўлардың алдын алыў бойынша миллий превентив механизм енгизилди. Соның менен бирге, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (Балалар Омбудсманы) лаўазымының айрықша ажыратылыўы ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлестирилиўи тараўлық машқалаларды мәнзилли шешиў ушын беккем тийкар жаратты.

Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын әмелий қорғаўдағы әҳмийетли қәдемлерден бири – “Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы нызамның қабыл етилиўи болды. Усы нызам тийкарында зорлық қурбанларына “Қорғаў ордери” бериў әмелияты енгизилди. Ордер зорлық ислеген шахсқа жәбирлениўшиге жақынласыў, байланыс орнатыў сыяқлы анық шеклеўлер орнатып, жәбирлениўшиниң қәўипсизлигин кепиллеўши оператив превентив илаж болып есапланады. Күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде арнаўлы шелтерлер (қорғаў орынлары) тармағы кеңейтилди. Бул орынлар жәбирленген ҳаял-қызларға психологиялық, ҳуқықый, медициналық ҳәм социаллық жәрдемди комплексли көрсетиўге хызмет етеди. Буннан тысқары, “Ҳаял-қызлар дәптери” системасы енгизилип, социаллық-экономикалық жақтан аўыр жағдайдағы ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, исбилерменлик ушын субсидиялар ҳәм жумысқа жайластырыў арқалы олардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеўге қаратылды. Бул, ҳаял-қызлардың социаллық абырайын көтериў арқалы олардың ҳуқықый қорғалыўын және де беккемлейди.

Балалар ҳуқықларын қорғаў тараўындағы тийкарғы қатнас “Баланың ең үстин мәплерин тәмийинлеў” принципине тийкарланады. Бул, әсиресе, жас өспиримлер әдиллиги системасында айқын көзге тасланып, жас өспиримлерге байланыслы ислерди көрип шығыўда арнаўлы судьялардың қатнасыўы тәмийинленди, жаза илажларында тәрбиялаў ҳәм реабилитациялаўға үстинлик берилди. Мәмлекетимиздиң мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине қарсы гүресиўдеги халықаралық тән алынған табыслары Бала ҳуқықларын тәмийинлеўдеги қатаң сиясаттың нәтийжеси болып есапланады. Баланың үстин мәплерин тәмийинлеў шеңберинде балаларды шаңарақта қалдырыў ҳәм оларды интернат мәкемелерине жайластырыўға имканы болғанынша жол қоймаў сиясаты күшейтилди.

Сондай-ақ, ҳуқықларды қорғаў системасының әҳмийетли компоненти сыпатында пуқаралық жәмийети институтлары (МКШ) менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды. МКШлар жәбирлениўшилерди реабилитациялаў, ҳуқықый мәсләҳәт бериў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта. Буннан тысқары, Конституцияның жаңа редакциясында жеке қол қатылмаслық, сөз еркинлиги, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлылықтың тиккелей конституциялық кепилликлери беккемленди.

Өзбекстандағы инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы реформалар сиясий ерк-ықрар, системалы институционаллық өзгерислер, МКШлар менен бирге ислесиў ҳәм конституциялық кепилликлер үйлесиминде алып барылмақта. Қорғаў ордери ҳәм шелтерлер арқалы зорлыққа қарсы гүресиў, “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм барлық қарарларда баланың ең үстин мәпин тәмийинлеў сиясаты – булар Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы өз миннетлемелерин избе-из орынлаў ҳәм системаны және де жетилистириў жолындағы исенимли қәдемлер болып есапланады. Бул реформалардың толық нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын ҳуқықый сананы арттырыў ҳәм әмелиятта нызамлардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар даўам еттирилиўи зәрүр.

А.Ғаффоров,

ӨзА