ҒХҚ ҳәм баспасөз – жәмийет айнасы

Нөкис қаласында Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда аўқам бөлиминиң ағзалары, белгили журналистлер, жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Даўыт Абибуллаев мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен ашық-айдынлықты, баспасөз ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, Жаңа Өзбекстанның жаңа журналистикасын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғаны, тараўға байланыслы нызамшылық жетилистирилип атырғаны, журналистлерге реформаларды, ўақыя-ҳәдийселерди қалыс ҳәм әдил сәўлелендириў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпалар жүкленгенин айрықша атап өтти.
Дәслеп илажда Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар додаланды.
Атап өтилгениндей, көп жыллар “Еркин Қарақалпақстан” газетасында мийнет еткен Е.Ерманов, Ө.Өтеўлиев, Ж.Оңайбаев, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында ислеген Қ.Мәдреймов, Р.Хәмийдова, “Қанлыкөл хабарлары” газетасының бас редакторы болып ислеген К.Тилеўов, Қарақалпақстан радиосында мийнет етип, бүгинги күнде пенсияда болған Қ.Шамуратов сыяқлы бир қатар ветеран журналист ҳәм редакторлардың ҳалынан хабар алынып, оларға аўқам атынан саўғалар тапсырылды. Жаңа жыл байрамы алдынан және оннан аслам журналистлердиң ҳалынан хабар алыў режелестирилген.
Есап бериў дәўиринде “Шымбай ҳаўазы” газетасының фотокорреспонденти, Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы О.Пирленов, “Хожели ҳақыйқаты” газетасы бас редакторының орынбасары Ф.Өтемуратов, Қарақалпақстан телеканалының журналистлери Б.Есмурзаев, А.Өтениязова, Қарақалпақ электр тармақларының баспасөз хаткери Қ.Нағметов, напақадағы журналист Ш.Пахратдиновалар туўылғанының 60 жыллығы, ҳүрметли журналист О.Сатбаевтың 70 жыллық юбилейлери мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Д.Абибуллаев аймақтағы жергиликли басылымларда ислеп атырған журналистлердиң жумысын жоқары баҳалады. Олардың маманлығын арттырыў ушын келешекте сырт елге жибериў, дүнья тәжирийбесин үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Быйыл “Алтын қәлем” миллий сыйлығына жергиликли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери белсене қатнасып, олардан Қарақалпақстан телеканалының редакторы З.Жаббарбергенова жеңимпаз болды. Нөкис теле орайының монтаж бөлими аға электромеханиги Р.Амангелдиева “Дўстлик” ордени менен сыйлықланды. “Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының республикалық басқышында телеканал журналисти С.Жуманазарова сыйлы орынды ийеледи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен аўқамның Қарақалпақстан бөлимине 40 миллион сум субсидия ажыратылды. Және бир жаңалық Президенттиң “Журналистлер жумысын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўда Өзбекстан Журналистлер аўқамының ролин арттырыў ҳаққында”ғы қарар жойбары ислеп шығылып, бүгинги күнде додаланбақта.
Сондай-ақ, мәжилисте районларда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў, оларды қоллап-қуўатлаў, белсенди журналистлерди ҳәм материаллық, ҳәм руўхый хошаметлеў, аўқамға жаңа ағзалар қабыл етиў бойынша пикирлер билдирилди. Сол күни және 11 журналист аўқамға ағзалыққа қабыл етилди. Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен 2025-жыл даўамында пидәкерлик мийнети, сондай-ақ, аўқам жумысларында белсендилик көрсеткени ушын 5 журналист сыйлықланды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги