Омбудсман: 80 ге шамалас зорлыққа ушыраған ҳаял-қызға мәнзилли жәрдем көрсетилди

64

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) тәрепинен усы жылдың ноябрь-декабрь айларында “Теңлик ҳәм ҳүрмет” платформасы шеңберинде зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықый, социаллық ҳәм психологиялық қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған әмелий жумыслар алып барылды.

Бул илажлар Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Сурхандәрья, Наманган, Бухара, Хорезм, Самарқанд ҳәм Наўайы ўәлаятларында шөлкемлестирилди. Орынларда ҳаял-қызлар ушын мобиль “Ҳуқықый жәрдем автобусы” арқалы мәнзилли ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди, социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди.

Илажлар даўамында 80 ге шамалас зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар менен жеке тәртипте жумыс алып барылды. Олардың мүрәжатлары тийкарында ҳуқықый түсиниклер берилди. Бар жеңилликлер ҳәм мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын жәрдем илажлары ҳаққында мағлыўматлар жеткерилди.

Илажлар даўамында 80 ге шамалас зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар менен жеке тәртипте жумыс алып барылды. Олардың мүрәжатлары тийкарында ҳуқықый түсиниклер берилди. Бар жеңилликлер ҳәм мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын жәрдем илажлары ҳаққында мағлыўматлар жеткерилди.

Ҳаял-қызлардың руўхый жағдайын турақластырыў ҳәм социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў мақсетинде профессионал психологлар тәрепинен өз алдына шынығыўлар өткерилди.

Жумыслар Социаллық қорғаў миллий агентлиги, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар басқармалары, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик уйымлары, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер структуралар менен биргеликте әмелге асырылды.

Зорлық ислеген 2 шахс пенен өз алдына профилактикалық жумыс алып барыў бойынша илажлар белгиленди. 2 ҳаял-қыз өзин-өзи бәнт етиўи ушын грант тийкарында тигиў машиналары менен тәмийинленди. 3 ҳаял-қыз жумысқа жайластырылды, 2 ҳаял-қызға жумыс усыныс етилди. 3 ҳаялға емлениў ушын медициналық жолламалар берилди. 4 ҳаял-қыз кәсипке бағдарлаў бағдарламалары бойынша оқыўға жиберилди.

Н.Абдураимова, ӨзА