Өзбекстан ҳүкимети Ватиканга жаңа елшисин жиберди

Ватиканның Апостоллар сарайында Өзбекстанның Испаниядағы елшиси Фарруҳ Турсунов Рим Папасы Лев XIV ге исеним жарлықларын тапсырды.
“Дүнья” ХАның хабар бериўинше, сәўбетлесиў ўақтында елши Өзбекстан Президенти атынан Рим папасына қызғын сәлем ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерген.
Рим папасы Лев XIV Өзбекстан Президенти ҳәм халқына терең ҳүрмет-иззетин билдирди. Ол Өзбекстан ҳәм Ватикан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли өткен 33 жыл даўамында түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған беккем бирге ислесиў потенциалы қәлиплескенин атап өтти.
Сондай-ақ, ол Самарқандтың Шығыс ҳәм Батыс дүньясына тәсир көрсететуғын философиялық ҳәм диний ой-пикирдиң ири орайы сыпатындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Өзбекстан дәстүрий түрде динлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик принциплерин алға қойыў тәрепдары екени, бул бағдардағы халықаралық басламаларды белсене қоллап-қуўатлап атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Рим папасы Лев XIV өзбек халқының гүллеп-раўажланыўы ушын ибадат ететуғынын атап өтип, Өзбекстан ҳәм Ватикан арасындағы дослық ҳәм конструктивлик бирге ислесиў және де беккемлениўин тиледи.
Еслетип өтемиз, Фарруҳ Турсунов Өзбекстанның Испаниядағы елшиси болып есапланады. 2024-жыл 9-апрель күни дипломат Испания Патшасы Филипп VI ға исеним жарлықларын тапсырған.
Буннан тысқары, дипломат қосымша тәризде Өзбекстанның Андоррадағы елшиси есапланады. 2025-жыл 11-март күни ол Андорра жәрдемши баслығы, Франция Президенти Эммануэль Макронга исеним жарлықларын тапсырған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги