Өзбекстанныӊ ҳәўес, ибрат, үлги болыўға арзыйтуғын перзентлери

52

Пайтахтымыздағы “Hilton” мийманханасында Халықаралық ҳәм регионаллық пән олимпиадалары жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул салтанатлы илажда билимлендириў тараўының пидайылары, устазлар, оқыўшы-жаслар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының билимлендириўди реформалаў бойынша орынбасары Ҳилола Умарова билимлендириўге қаратылып атырған итибар өзиниң әмелий нәтийжелерин көрсетип атырғанын атап өтти. Оқыўшыларымыздың быйыл халықаралық пән олимпиадаларында ерискен жетискенликлери алдынғы жылларға салыстырғанда 14 есеге көп екени дыққатқа ылайық.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында билимлендириў тараўында алып барылып атырған жедел жаңаланыў процесслери мәмлекетимиздиң раўажланыўын мисли көрилмеген тәризде алға илгерилетиўде тийкарғы фактор болмақта.

2025-жылы Өзбекстан оқыўшылары 29 халықаралық олимпиадада абырай менен қатнасып, жәми 210 медальды қолға киргизди. Бул 40 алтын, 78 гүмис, 92  қола медаль.

Елимизде пән олимпиадасында оқыўшылардың қатнасыўына байланыслы пүткиллей жаңаша система жаратылды. Бул тек ғана билим ҳәм қәбилет көриниси емес, ал жумысыныӊ ҳәм ерк-ықрарыныӊ, мәртлигиниӊ, устазларыныӊ, Ўатанға меҳирдиң әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Усы жылы елимиз оқыўшылары тәрепинен пән олимпиадалары тарийхы бойынша жаңа нәтийже атап өтилди. Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткерилген Халықаралық химия олимпиадасында 2 алтын, Боливияда өткен Халықаралық информатика олимпиадасында дәслепки гүмис медаль менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, елимиз оқыўшылары биринши мәрте Европа қызлар математика олимпиадасына қатнасты ҳәм 3 медальды қолға киргизди.

Оқыўшыларымыз Ташкент қаласында болып өткен Ал-Хорезмий атындағы Халықаралық математика ҳәм информатика олимпиадаларында 50, Әбиў Райхан Беруний атындағы Халықаралық химия олимпиадасында 19 медаль менен сыйлықланды.

Бирлескен Араб Әмирликлери, Австралия, Боливия, Франция, Иордания, Таиланд, Әзербайжан ҳәм басқа да мәмлекетлерде болып өткен абырайлы пән олимпиадаларында өзбекстанлы жаслардың ағартыўшылық потенциалы, билими және бир мәрте дүньяға көрсетилди.

Миржаҳон Муҳаммадов – пайтахтымыздағы Әбиў Әлий ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектептиң питкериўшиси. Ол көплеген пән олимпиадаларында жеңиске ерискен. Усы жылы Бразилия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткерилген халықаралық химия олимпиадасында алтын медальға ийе болды. Салтанатлы илажда Миржаҳон 1 миллиард сумнан аслам муғдардағы арнаўлы ваучер менен сыйлықланды.

– Халықаралық пән олимпиадасына үш жыл таярландым, – деди Миржаҳон Муҳаммадов. – Әлбетте, оқыў даўамында қыйыншылықлар да болыўы тәбийғый. Бирақ оларды жеңиўге жан-тәним менен ҳәрекет еттим. Қолға киргизген материаллық жетискенлигимди өзим үстинде ислеўге, билимлерге қатаң умтылыўға инвестиция сыпатында жумсамақшыман.

Халықаралық олимпиадаларда усындай жетискенликлерди қолға киргизген перзентти тәрбиялаў ушын нелерге итибар қаратыў зәрүр? Усы сораў менен Миржаҳонның анасына мүрәжат еттик.

– Перзентимиздиң билим алыўы ушын зәрүр барлық шараятларды жаратыўға ҳәрекет еттик, – деди халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазының анасы Дилноза Омонова. – Қалаберди, баланың улыўма бос ўақты болмаўына үлкен итибар қараттық. Қәбилетли жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы итибары ушын мәмлекетимиз басшысына оғада миннетдармыз.

Салтанатлы илажда Халықаралық пән олимпиадаларының көплеген жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, олардың устазлары салмақлы ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Назокат Усмонова, ӨзА

ӨзА хабаршысы