Газдиң зәҳәрли ийисинен абайлы болың!

21

Күнлер суўытыўы мүнәсибети менен АЖМ ысытыў печьлерин пайдаланыўда техника ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўге шақырады:

– ысытыў печьлери ҳәм олардың морыларының сазлығына, ҳәр қыйлы буйымлар ҳәм тосықлар менен бекитилмегенлигине және жарықлар болмағанлығына айрықша итибар бериң;

– газ үскенелерин жалғаў тәртип қағыйдаларына әмел етиң ҳәм оларға резина шланглар арқалы жалғаныўына жол қоймаў;

– арнаўлы шөлкемлер тәрепинен морылардың өз ўақтында тазаланыўына итибар қаратың;

– ысытыў печиниң есигин ашық қалдырмаң.

Қарақалпақстан хабар агентлиги