Өзбекстан ҳәм Корея: парламентлераралық бирге ислесиў және де тереңлестириледи

Олий Мажлис Сенатына елимизге рәсмий сапар менен келген Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Баслығы У Вон Сик басшылығындағы делегация келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Корея арасында экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де жеделлестириў, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Кореяның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек тилин үйрениў жолға қойылғаны айрықша атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының ушырасыўлары форматы исенимли сөйлесиў майданына айланғаны атап өтилди.
Ташкент қаласында өткерилип атырған гезектеги мәжилис шеңберинде де әмелий ҳәм жемисли нәтийжелерге ерисиў бойынша өз-ара пикир алысылды. 2023-жыл сентябрь айында Сеул қаласында ҳәм 2024-жыл октябрь айында Ашхабад қаласында өткерилген ушырасыўлар бул форматтың әҳмийетли екенлигин айқын көрсеткени атап өтилди.

Барлық дәрежелерде жолға қойылған жедел парламентлераралық сөйлесиў айрықша атап өтилип, усы жылы даўамында Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының бир қатар комитетлериниң басшылары дәрежесиндеги делегациялар Өзбекстанға келгенлиги қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сондай-ақ, парламент дослық топарларының жумысы өз-ара сөйлесиўди муўапықластырыў ҳәм әмелий нәтийжелиликти арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.
KOICA шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда “электрон парламент” системасын енгизиў жойбарының әмелге асырылып атырғаны жоқары баҳаланды. Бул жойбар нызам дөретиўшилиги процесслерин жетилистириў ҳәм парламент жумысының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Баслығы У Вон Сик Ҳүрметли мийманлар китабында жазыў қалдырды.
ӨзА