ҚМУ оқытыўшылары Стамбулдағы халықаралық саммитте

12-15-декабрь күнлери Түркия Республикасының Стамбул қаласында «Global Policy & Dialogue» шөлкеминиң басламасы менен «Global Change Summit 2025» халықаралық саммити болып өтти.
Бул абырайлы илажда дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлерден келген жас илимпазлар, изертлеўшилер, сиясат ҳәм билимлендириў тараўының қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнасты.
Бул халықаралық илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети инглис тил билими кафедрасының профессор-оқытыўшылары М.Калабаева, А.Толеубаева, Р.Хабипова, Г.Нажимова ҳәм Б.Шамшетовалар белсене қатнасып, илимий-академиялық тәжирийбе алмасыў, глобаллық машқалалар бойынша сөйлесиў алып барыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў байланысларын беккемлеў имканиятына ийе болды.
– Саммит бағдарламасы шеңберинде инсан ҳуқықлары, билимлендириў ҳәм жәмийет арасындағы өз-ара байланыслылық, санлы мәканда дезинформация машқаласы, сондай-ақ, сиясат ҳәм жәмийетлик мәплерди үйлестириў мәселелерине бағышланған мастер-класслар, интерактив баянатлар ҳәм әмелий vorkshopлар шөлкемлестирилди, – дейди илаж қатнасыўшысы Риванна Хабипова. – Кафедра оқытыўшылары усы сессияларда қатнасып, заманагөй лингвистикалық қатнаслар ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнас мәселелери бойынша әҳмийетли илимий жуўмақлар шығарды.
Илаж даўамында халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликтеги изертлеўлер алып барыў ҳәм билимлендириў процесине алдынғы тәжирийбелерди енгизиў мәселелери де додаланды. Бул болса, инглис тил билими кафедрасы жумысын халықаралық билимлендириў майданына интеграциялаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Саммит жуўмағында барлық қатнасыўшыларға тийисли сертификатлар тапсырылды. Кафедра профессор-оқытыўшыларының Стамбул қаласында өткерилген усы халықаралық саммиттеги қатнасыўы миллий билимлендириў системасын дүнья тәжирийбеси менен үйлестириў, илимий потенциалды арттырыў ҳәм келешектеги изертлеўлер ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги