Орайлық Азия ҳәм Корея парламентлери басшыларының мәжилиси басланды

16

Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси өз жумысын баслады.

Ушырасыўда Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери У Вон Сик, Қазақстан Республикасы парламенти Мәжилисиниң баслығы Ерлан Кошанов, Тәжикстан Республикасы Мажлиси Оли Мажлиси Намояндагон Баслығының орынбасары Азиз Кодир Гиёзода, Қырғыз Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшонқул Чотонов қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева жалпы мәжилисте бул ушырасыў Орайлық Азия регионында қәлиплесип атырған жаңа сиясий динамика, парламентлераралық исеним ҳәм қарым-қатнасты беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер системалы түрге енип, регионның дүнья майданындағы орны беккемленип атырғаны, парламентлераралық бирге ислесиў болса бул процесстиң әҳмийетли тийкары сыпатында қәлиплесип атырғаны атап өтилди.

Жалпы мәжилисте шығып сөйлеген делегация басшылары турақлы даўам етип атырған ушырасыўлардың әҳмийетин атап өтип, бул формат Орайлық Азия ҳәм Корея Республикасын байланыстыратуғын әҳмийетли сөйлесиў майданына айланғанына итибар қаратты.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.

Н.Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы