Қуяш – таўсылмас энергия дереги

12

«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалында альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўдың абзаллықларын кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде ғалаба хабар қураллары  ўәкиллери журналист ҳәм ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўга бағышланған ашық сәўбет ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.

Онда қатнасқанлар Нөкис қаласындағы бир қатар шөлкемлер ҳәм шаңарақларда болып, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланып атырған пуқаралар менен сәўбетлести.

Филиалдың қайта тиклениўши энергия дереклериниң есабатын жүргизиў бөлими басшылары республикамызда бул жөнелисте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматлар менен таныстырды. Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2023-жылда қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-57 санлы қарары тийкарында «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалына бүгинги күнге шекем «Солиқ» мобиль-қосымшасы арқалы 13 335 жеке шаңарақлардан арзалар келип түскен.

– Филиалымызға келген бул арзалар өз ўақтында үйренип шығылып, 11 599 шаңарақтың 63, 4 МВт қуўатлылықтағы қуяш панельлери ушын арза ҳәм мүрәжатлар толық қабылланды, – дейди филиалдың қайта тиклениўши энергия дереклериниң есабатын жүргизиў бөлими баслығы Мадияр Смайлов. – Усы күнге шекем жеке хожалықлардан 47,4 млн кВт/саат электр энергиясы тармаққа узатылып, 30, 8 млрд сум субсидия төлеп берилди. Соның ишинде, қуяш панелинен пайдаланып атырған бир хожалық март-октябрь айларында орташа 400-500 мың сум, ноябрь-февраль айларында болса, орташа 100-200 мың сум пайда көрмекте.

Ал, хожалық жүргизиўши субъектлерден 2370 си (социаллық мәкемелер, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери) 37,5 МВт қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатқан болса, олар арқалы тармаққа 13, 2 млн кВт/саат электр энергиясы жеткерип берилди ҳәм бул ушын «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан аймақлық филиалы  тәрепинен 10,6 млрд сум төлеп берилди.

– 2024-жылы айына орташа  38-40 мың киловатт ток сатып алған болсақ, 2025-жылы 100 киловаттлық қуяш панелин орнатқаннан соң, улыўма ток сатып алмайтуғын болдық, – дейди «Сладкий мир Нурали» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Рисолат Балтаева. – Бул болса, қаржының үнемленип, оны басқа түрдеги мүтәжликлеримиз ушын жумсаўға мүмкиншилик бермекте.

– Усы жылы 5 киловатлық қуяш панелин қурғызған едик, – дейди Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Мамажан Оразбаева. – Жазы менен токқа ақша төлемей, қайтама аўысқанын электрсетьке сатып отырдық. Бул оғада жақсы зат екен. Үйимизде улыўма ток өшпейди, әсиресе, балаларымызға жақсы болды.

Илажда журналистлердиң қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы