Суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў – дәўир талабы

22

Хожели районындағы Саманкөл АПЖ аймағында жайласқан “Шукуруллаева Толғанай” фермер хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўға бағышланған кеңейтилген көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Өзбекстан Фермерлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары К.Собиров, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының ҳәкимлери, аўыл хожалығы кәрханаларының белсендилери ҳәм фермерлер қатнасты.

Шығып сөйлегенлер аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў арқалы өндирис нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, «Рай небесный» ЖШЖ баслығы А.Ахмедов тәрепинен қуяш панельлери тийкарында ислейтуғын «KAVSAR» технологиясының абзаллықлары ҳәм экономикалық нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул системаны әмелиятқа енгизиў бойынша усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги