Биз шаңарақлық зорлыққа қарсы нызам қабыл еткен Орайлық Азиядағы биринши мәмлекетбиз. Балаларға қарсы исленген жынысый жынаятлар ушын жуўапкершиликти де күшейттик

10

Бирақ, буның менен шекленип қалмаў керек. Зорлық жағдайларына қарсы оператив илаж көриўдиң нәтийжели системасын ислеп шығыў зәрүр.

Көбинесе ҳақыйқый жағдай көзге көринбейди, көп нәрсе жасырылады. Биз елеге шекем статистиканы жәриялаўдан, өкпе-гийнеге ушыраўдан, абырайымыздың төменлеп кетиўинен қорқамыз, сын пикирди қабыл ете алмаймыз.

Бүгин жуўапкер басшылар менен ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў, оларға болған зорлыққа қарсы гүресиў, ерте ҳәмиледарлық себеплери ҳәм олардың алдын алыў илажлары сыяқлы әҳмийетли мәселелерди додаладық.

Барлық жуўапкер басшыларды бүгинги сөйлесиўден тийисли жуўмақ шығарыўға шақыраман. Зорлықтың ҳәр қандай көринисине қарсы маўасасыз гүрес, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў қуры сөзде емес, әмелде көриниўи керек.

Инсан тәғдири статистикадан мың есе әҳмийетлирек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги