ИИБ хызметкери пуқараға мүрәжат еткенде өзин таныстырыўға мәжбүр ме?

55

Ҳуқықый қатнас

“Ишки ислер уйымлары ҳаққында”ғы нызамның 8-статьясына тийкарланып ишки ислер уйымлары өз жумысын пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў және усы ҳуқықлар, еркинликлер ҳәм нызамлы мәплерди ҳүрмет етиў тийкарында әмелге асырады.

ИИБ хызметкериниң пуқара алдындағы ўазыйпасы ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Айгерим Арипбаева төмендегилерди мәлим етти:

– ИИБ хызметкерлери пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўы шәрт. Сондай-ақ, “Ишки ислер уйымлары ҳаққында”ғы нызамның жетинши бөлимине бола, ишки ислер уйымы хызметкери пуқараға мүрәжат еткенде өзиниң лаўазымын, атағын, фамилиясын, атын, әкесиниң атын айтыўы керек.

Соның менен бирге, пуқараның талабына бола, хызмет гүўалығын көрсетиўи, буннан кейин мүрәжат етиўиниң себеби ҳәм мақсетин мәлим етиўи шәрт.

Демек, ИИБ хызметкерлери пуқараға мүрәжат еткенинде дәслеп өзлерин таныстырыўы, соң болса мүрәжат себебин мәлим етиўи керек екенлиги жоқарыда келтирилген нызамның 8-статьясында белгилеп қойылған.

Гулноза Бобоева, ӨзА