Исбилерменлерге берилетуғын субсидиялар мониторинг етиледи

Ҳүкимет қарары менен (784-сан, 11.12.2025 ж.) “Исбилерменлик субъектлерине субсидиялар, жеңилликлер ҳәм преференциялар берилиўин мониторинг етиў, олардың нәтийжелилигин баҳалаў және тийкарсыз алынған ҳәм мақсетсиз пайдаланылған субсидияларды қайтарып алыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Telegram-каналы хабар берди.
Онда айтылыўынша, бул режелерге бола, қоллап-қуўатлаў илажларын усыныўда оларды усынатуғын шөлкем тәрепинен исбилермен ерисиўи керек болған анық мақсетли көрсеткишлер белгиленеди.
Исбилерменге субсидиялар ажыратылыўы «subsidiya.mf.uz» платформасы арқалы мониторинг етиледи.
Нәтийжелиликти баҳалаўда дереклерден төмендеги избе-изликте пайдаланылады:
- исбилерменниң финанслық, салық есабатлары;
- тараўлық уйымлар яки статистика уйымларының мағлыўматлары;
- қоллап-қуўатлаў илажлары нәтийжелери бойынша исбилермен тәрепинен усынылған мағлыўматлар.
Нәтийжелилик ҳәр бир исбилермен ушын экономикалық, финанслық (бюджет) ҳәм социаллық нормалар бойынша өз алдына баҳаланады.
Исбилерменге берилген субсидиялар төмендеги жағдайларда қайтарылады:
- субсидия шәртнамасы (келисим) бойынша исбилермен тәрепинен ерисилиўи керек болған анық мақсетли көрсеткишлер орынланбағанда;
- қаржылардан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланылғаны анықланғанда;
- исбилермен тәрепинен тийисли ҳүжжетлер ямаса мағлыўматларды надурыс ямаса бузып көрсетиў ҳәм тийкарсыз алынған жағдайлары анықланғанда,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги