2026-жыл 1-апрельден айырым төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады

11

Өзбекстан Республикасы Президенти “Нақ пулсыз есап-санақларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм жасырын экономиканың үлесин қысқартыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманға қол қойды.

Оған муўапық, төмендегилер 2030-жылға шекем жасырын экономиканың үлесин қысқартыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди:

а) жалпы ишки өнимге салыстырғанда бақланбайтуғын экономиканың үлесин 1,3 есеге қысқартыў;

б) саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында халық тәрепинен нақ пулсыз төлемлерди әмелге асырыўдың үлесин 75 процентке жеткериў;

в) экономиканың рәсмий секторында бәнт халықтың жәми экономикалық белсенди халыққа салыстырғандағы үлесин 64 процентке жеткериў;

г) Экономикалық еркинлик индекси ҳәм Коррупцияны аңлаў индексинде Өзбекстан Республикасының орны кеминде 30 текшеге көтерилиўине ерисиў.

2026-жыл 1-апрельден баслап төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады:

а) мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер;

б) электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер (банк кассалары арқалы әмелге асырылатуғын төлемлер буған кирмейди);

в) алкоголь ҳәм темеки өнимлери;

г) транспорт қуралларына жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефть-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспорт қуралларын зарядлаў бойынша хызметлер;

д) баҳасы 25 миллион сумнан асатуғын товарлар ҳәм хызметлер (аўыл хожалығы өнимлери буған кирмейди);

ж) көшпес мүлк объектлери, ислеп шығарылғанына он жылдан аспаған М, N, О  ҳәм G  категорияларына киретуғын транспорт қураллары ҳәм арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў. Бунда:

алды-сатты шәртнамалары бойынша сатыўшы ҳәм қарыйдар арасындағы есап-санақлар банк ҳәм нотариал уйымлардың мәлимлеме системалары арасында мағлыўмат алмасыў арқалы әмелге асырылады (банк кассалары арқалы әмелге асырылатуғын төлемлер буған кирмейди);

шәртнамаларды нотариал тәртипте рәсмийлестириў ушын коммерциялық банклер ҳәм төлем шөлкемлери тәрепинен электрон мәлимлеме алмасыўы қуралында төлемди тастыйықлаўшы мағлыўматлар тийкар болады.

Орайлық банк 2026-жыл 1-январьға шекем барлық саўда ҳәм хызмет көрсетиўши юридикалық тәреплер тәрепинен электрон төлемлерди қабыллаў ушын бирден-бир QR кодты енгизеди.

2026-жыл 1-январьдан баслап барлық саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы юридикалық тәреплер тәрепинен банклерде генерацияланған бирден-бир QR код арқалы электрон төлемлерди қабыллаў жолға қойылады.

2026-жыл 1-июльден баслап:

барлық саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы юридикалық шахсларда бирден-бир QR кодлы төлем системасы арқалы төлемлерди қабыл етиў де мәжбүрий етип белгиленеди;

бирден-бир QR кодлардан пайдаланылмай атырғанлығы саўда қағыйдаларын бузыў деп есапланады.

ӨзА