Өзбекстанда электромобильлер импорты кескин қысқарды

15

2025-жылдың ноябрь айында Өзбекстанға электромобильлер импорты соңғы бес ай ишиндеги ең төмен дәрежеге түсти. Бул ҳаққында Бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтында мәлим етилди.

Мағлыўматларға бола, ноябрь айында мәмлекетке жәми 4 597 электромобиль импорт етилген болып, олардың улыўма баҳасы 68,2 миллион долларды қурады. Салыстырыў ушын, октябрь айында 6 933 дана, сентябрьде болса 11 534 дана электромобиль сырт елден алып келинген.

Электромобильлер импорты 2025-жыл июль айынан баслап сезилерли дәрежеде өскен. Соның ишинде, июнь айында 4 560 дана электромобиль импорт етилген болса, июльде бул көрсеткиш 7 204 август айында болса 8 071 болған.

Соның менен бирге, ноябрь айында импорт етилген электромобильлердиң орташа баҳасы кескин артқаны бақланды. Атап айтқанда, ҳәр бир электромобильдиң орташа баҳасы 14,8 мың долларды қурады. Бул көрсеткиш октябрь айында 10,3 мың доллар болған. Бир жыл алдын, яғный 2024-жыл ноябрь айында болса бир электромобильдиң орташа баҳасы 6,1 мың долларға туўра келген.

Жыллық есапқа алынғанда, 2025-жылдың январь-ноябрь айларында Өзбекстанға жәми 51 856 дана электромобиль импорт етилген болып, олардың улыўма баҳасы 612,2 миллион долларды қурады. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли өсиўди көрсетеди: 2024-жылдың сәйкес дәўиринде мәмлекетке 24 091 дана электромобиль (224,7 миллион доллар) алып келинген. Демек, электромобильлер импорты жыл даўамында еки еседен зыят артқан.

 

Ш.Маматуропова,

ӨзА