Өзбекстан аўыл хожалығы хызметкерлерине

Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, аграр тараў жанкүйерлери!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, өз өмирин аўыл хожалығы тараўына бағышлаған елимиздеги барлық уллы кәсип ийелерин қутлы байрам – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Бул қутлы әййямда сизлердиң тек ғана аўыл хожалығы емес, ал пүткил экономикамызды раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлериңизди және бир мәрте миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Әсиресе, быйыл, климаттың өзгериўи менен байланыслы қыйыншылықларға қарамастан, аграр сектордың раўажланыўында сизлер менен бирге түпкиликли бурылыс жасай алдық.
Пахта, ғәлле ҳәм мийўе-овощ жетистириў бойынша жаңа сортларды егиў, заманагөй агротехнологияларды енгизиў есабынан жоқары зүрәәтлиликке еристик.
Быйыл 3 мыңнан аслам мийнеткеш фермерлеримиз пахташылықта өнимдарлықты орташа 50-60 центнерден, олардың 1,5 мыңы болса 70 центнерден арттырғаны, ғәллешиликте болса 3,5 мыңнан аслам тәжирийбели фермерлеримиз орташа 100 центнерден зүрәәт алғаны, әлбетте, бул тармақларды раўажландырыўда жаңа дәўир басланып атырғанынан дерек береди.
Және бир итибарға ылайық тәрепи сонда, аўыл хожалығында экспорт потенциалымыз артып бармақта. Тек ғана усы жылдың өзинде мийўе-овощларымыз жеткерип берилген мәмлекетлердиң саны болса 18 ге көбейип, 83 ке жетти.
Әлбетте, мине усындай сан ҳәм көрсеткишлер артында дийқан ҳәм фермерлеримиз, кластерлер, улыўма, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында жанкүйерлик көрсетип атырған ҳәр бир инсанның мийнети, мәртлиги, пидайылығы жәмленген, десек, дурыс болады. Соның ушын да усы байрам алдынан сизлер менен быйылғы жумысымызды ҳәр тәреплеме додалап, аграр тармақ ўәкиллеринен 110 ына мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларын тапсырдық. Мине, усындай жоқары итибар менен оларды және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Глобаллық климат өзгериўи, суў тамтарыслығы шараятында халқымыздың сапалы азық-аўқатқа болған талабын тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпаға айланған бүгинги күнде барлық тараўда болғаны сыяқлы аўыл хожалығында да тек заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, инновациялық көзқараслар тийкарында жумыс алып барған жағдайда ғана гөзлеген ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз. Буны дийқан ҳәм фермерлеримиз де терең түсинип жетпекте. Жақында Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда тараўда болып атырған өзгерислер менен танысып, оған және бир мәрте исеним пайда еттим.
Усы мәниде, аўыл хожалығы тараўында Жаңа Өзбекстанның стратегиялық жолын әмелге асырыўда мен бәринен бурын сизлерге, аграр тармақта жумыс алып барып атырған 3,5 миллионнан аслам ўатанласларымызға сүйенемен. Сизлер ушын және қандай шараят ҳәм имканиятлар жаратыў керек болса, ҳәммесин тәмийинлеп бериўге таярман.
Себеби аўыл хожалығының тәғдири ҳәм келешеги – бул пүткил елимиздиң тәғдири ҳәм келешеги болып есапланады.
Усы мақсетте, келеси жылдан баслап, қосымша түрде пахта өниминиң 50 процентин өз есабынан жетистирген фермерлерге 5 процент субсидия, сондай-ақ, салық, лизинг ҳәм кредиттен қарызы болмаған фермерлерге болса жеңиллетилген кредит 2 процентке шекем төменлетилген ставкада бериледи.
Аўыл хожалығында субсидияларды басқарыў бойынша жаңа система енгизилип, 6 министрлик тәрепинен берилип келген 53 түрдеги субсидиялар енди тек ғана Аграр тараўда төлемлер агентлиги тәрепинен әмелге асырылады. Онда субсидияларды ажыратыўдағы артықша бюрократиялық тосқынлықлар алып тасланады ҳәм фермер ҳәм дийқанлар субсидияларды алыў ушын тек ғана электрон платформа арқалы мүрәжат етеди.
Және бир имканият – аўыл хожалығында зүрәәтти қамсызландырыў бойынша жаңа системаны жолға қоямыз. Енди аўыл хожалығы өнимин қамсызландырыўда дийқан ҳәм фермерлер қәрежетлериниң 50 процентин мәмлекет қаплап береди. Зүрәәт жоғалтыўындағы зыян Аўыл хожалығын қамсызландырыў қоры арқалы толық қаплап бериледи.
Алдынғы фермерлерди устаз сыпатында аз өним алып атырған фермерлерге бириктирип, еки тәрепке де пайдалы болатуғын системаны жолға қоямыз. Буннан тысқары, “Жаңа агроном” бағдарламасы шеңберинде 180 қәбилетли студентлеримизди жоқары маман кадрлар сыпатында таярлаймыз.
Тек ғана пахташылықтың өзинде дийқан ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаўға 35 триллион сум қаратамыз.
Ғәлле жетистирип атырған фермерлерге пахтадағы сыяқлы жетистирген өниминиң 10 проценти муғдарында субсидия ажыратыў системасын жолға қоямыз. Бағшылықта жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестириў, ескилерин жаңалаў бойынша жумысларды үш жыллық бағдарлама тийкарында шөлкемлестиремиз.
Буннан былай балықшылықта нәсилди жаңалаў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын жаңа раўажландырыў бағдарламасын қабыл етемиз. Онда “карп” ҳәм “суўық суў” балықлары нәсилшилигин жолға қойыў бойынша венгриялы ҳәм норвегиялы шериклеримиз бенен жумысларды баслаймыз.
Шеттен нәсилли балықты алып келиў қәрежетлериниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи.
Балық хожалықлары инкубация, лаборатория, жабық суў айланысы системаларын импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етиледи. Интенсив балықшылықты жолға қойған хожалықлар ушын жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылады.
Аўыл хожалығындағы потенциалдан толық пайдаланыў мақсетинде “илим – билимлендириў – өндирис” интеграциясын тәмийинлейтуғын Аўыл хожалығы илимлери академиясы шөлкемлестириледи.
Мине, усындай кең көлемли ўазыйпаларды табыслы орынлаўда сиз, әзизлер белсене қатнасасыз ҳәм тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Усы жылы ерискен үлкен жетискенлик ҳәм табысларыңыз даўамлы болсын!
Мийнетиңиздин рәҳәтин көриң, әзизлерим, қәдирданларым!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Ўзбекистон Республикаси Президенти