Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси өткериледи

Усы жылдың 15-17-декабрь күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси өткериледи.
Илаждың тийкарғы мақсети Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў, парламентлераралық сөйлесиўди тереңлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат.
“Инсан қәдири, социаллық әдиллик ҳәм қоршаған орталықты қорғаў жолындағы бирге ислесиў” темасындағы үшинши мәжилистиң жалпы мәжилиси Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасындағы жақын келешекке мөлшерленген регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына бағышланады.
“Экономикалық бирге ислесиў, санлы трансформация ҳәм санаат: регионларды раўажландырыўдың раўажланыў жоллары” ҳәм “Турақлы раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў: экологиялық басламаларды әмелге асырыўда парламентлердиң роли” темаларында 2 сессия өткериў де режелестирилген.
Сондай-ақ, парламентлераралық комиссиялар ҳәм дослық топарлары ағзаларының қатнасыўындағы ушырасыўларда нызамшылық тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў мақсетинде think-tank ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери менен додалаўлар шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.
Мәжилис жуўмақлары бойынша Биргеликтеги декларация қабыл етиў нәзерде тутылған.
Бул форматтағы биринши ушырасыў 2023-жыл 19-сентябрьде Сеул қаласында, екиншиси болса 2024-жыл 14-октябрьде Ашхабадта болып өткенин атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги