Сенатта Корея Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасыў өткерилди
75

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Агзамходжаев Корея Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Корея стратегиялық қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм еки тәреплеме парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Ушырасыўда болажақ Өзбекстан-Корея парламентлераралық ушырасыўларына пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў мәселелери де көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги