Байрағымыз – жақсылық, пәклик, тынышлық тымсалы

35

 

«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли саналады. Солай екен, байрағымызды көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў – ҳәр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жылларда халқымыздың турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Онда, Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар  халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылыўына тийкар болмақта.

Илажда мине усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.


Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агнтлиги