Паралимпиада сайланды командалары орайы шөлкемлестириледи
48

“Паралимпиада спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарына бола, 2026-жыл 1-январьдан паралимпиада спорт түрлери бойынша республика сайланды командаларын қәлиплестириўдиң жаңа тәртиби енгизиледи.
Соннан:
- паралимпиада спорт түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириўде спортшылардың тийисли спорт жарысларындағы нәтийжелери менен бирге спорт нормативлерин орынлаў нәтийжеси де есапқа алынады;
- спорт сайланды командалары спорт нормативлерине муўапық қәлиплестирилетуғын паралимпиада спорт түрлери бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионаты ямаса кубогы өткерилиўи мәжбүрий есапланбайды;
- «ERP-sport» электрон басқарыў системасында паралимпиада спорт түрлери менен шуғылланып атырған спортшылардың спорт нәтийжелери киргизилип барылады ҳәм олардың спорт нормативлерин орынлаўы үстинен мониторинг жүргизиў ушын зәрүр техникалық имканиятлар жаратылады.
Сондай-ақ, Паралимпиада сайланды командалары орайы шөлкемлестириледи.
Паралимпиада орайы Ташкент қаласының Яшнабад районындағы Олимпиада қалашасында жайластырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги