Кеше Шайх Зоид атындағы “Инсаный дослық” сыйлығы коллегиясы мәжилиси шеңберинде Рим Папасы Лев XIV пенен ушырасыў болып өтти

17

Сыйлықтың мәдениятлараралық ҳәм динлераралық түсинисиўди кеңейтиўге қаратылған жумысының тийкарғы бағдарларын додаладық.

Өзбекстанда түрли конфессиялардың ўәкиллери, соның ишинде, католиклер аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик орталығында жасап атырғаны атап өтилди. Сыйлық бул қәдириятларды халықаралық көлемде беккемлеўге умтылмақта.

Пүткил жер жүзинде исенимди беккемлеў ҳәм инсаныйлық принциплерин алға қойыўға қаратылған жойбарлар үстинде биргеликте ислесиўге таярлық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги