Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тынышлық ҳәм исеним халықаралық форумындағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы, қәдирли достым, ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовқа шын жүректен қабыллағаны ҳәм бүгинги форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Түркменстан басшылығын ҳәм пүткил туўысқан түркмен халқын миллий байрам – Турақлы бийтәреплик жәрияланғанының 30 жыллығы менен қутлықлайман.
Бул қутлы сәне Түркменстанның дүньяның барлық мәмлекетлери менен тыныш, исенимли, дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға бәрқулла садық болып киятырғанын өзинде жәмлейди.
Биз бул форумды тынышлықты сүйиўши ҳәм тынышлықты сүйиўшилик идеяларын алға қойыў, мәмлекетлер арасында өз-ара исеним ҳәм ҳүрметти беккемлеў, сондай-ақ, әҳмийетли халықаралық мәселелерди сөйлесиўлер ҳәм додолаўлар арқалы шешиў жолларын излеў ушын әҳмийетли сиясий платформа деп есаплаймыз.
Ҳүрметли қатнасыўшылар!
Түркмен халқының заманагөй өзине тәнлигиниң ажыралмас бөлегине айланған Түркменстанның бийтәреплиги оның терең тарийхый дәстүрлерине, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларына, адамгершилик, кеңпейиллик ҳәм жақсы қоңсышылық сыяқлы жақсы пазыйлетлерине сүйенеди.
Бул феномен түркмен халқының бүгинги басқыштағы унамлы бийтәреплик философиясының архитекторы – Гурбангули Мяликгулиевич Бердимухамедовтың шешиўши роли себепли пүткил жер жүзинде кеңнен тән алынды.
Таңланған стратегиялық бағдар Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич тәрепинен жаңаша пәт пенен әмелге асырылмақта.
Түркменстанның турақлы бийтәреплик модели суверенитетти ҳүрмет етиў ҳәм ишки ислерге араласпаў принциплери жедел тынышлықты сақлаў ҳәм дипломатиялық жумыс пенен қандай үйлесиўи мүмкин екенлигин айқын көрсетпекте. Ашхабадта БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери ушын превентив дипломатия регионаллық орайының табыслы жумыс алып барып атырғаны буның айқын дәлили болып есапланады.
Биз Өзбекстанда түркменстанлы туўысқанларымыздың стратегиялық көзқараслары ҳәм сыртқы сиясий көзқарасларына көп тәреплеме қосыламыз.
Сол себепли, дос Түркменстанның Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте Тынышлық ҳәм бийтәреплик университетин шөлкемлестириў бойынша басламасын қоллап-қуўатлаймыз.
Жаңа Өзбекстан ушын дүньяға ашық-айдынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм пикирлесиўге умтылыў – фундаменталь қәдириятлар болып есапланады. Әне сол себепли биз улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында тилеклеслик бойынша Самарқанд басламасын алға қойдық. Бул баслама инсаният келешеги ушын бийпәрўа болмаған, тынышлық, татыўлық ҳәм турақлы раўажланыў ушын умтылып атырған барлық тәреплерди сөйлесиўге тартыўға қаратылған.
Тек өз-ара ҳүрмет ҳәм түсинисиўге тийкарланған гуманистлик ҳәм инклюзив қатнасықлар ғана заманагөй халықаралық бирге ислесиў конструкциясын беккемлеўге уқыплы екенине беккем исенемиз.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның Қосылмаў ҳәрекетиндеги болажақ басшылығы дәўиринде биз тынышлық ҳәм зорлықсызлық мәдениятын қоллап-қуўатлаў бойынша глобаллық ҳәрекетти хошаметлеў, сиясий сөйлесиў тийкарында мәмлекетлер арасында исенимди беккемлеў, дүньяда кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик орталығын қәлиплестириўге жәрдемлесиўди баслы тийкарғы бағдарлар сыпатында белгилеў нийетиндемиз.
Биз басшылығымыз даўамында келешек әўладлардың мәплери жолында келиспеўшиликлерди шешиў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў ушын 2027-жылды Превентив дипломатия жылы деп жәриялаўды режелестирмектемиз. Оның шеңберинде конференция ҳәм форумлар шөлкемлестириў, парламент, жәмийетлик ҳәм жаслар делегацияларының өз-ара алмасыўларын қамтып алатуғын илажлар бағдарламасын қабыл етемиз. Оның әмелге асырылыўында БМШтың қәнигелескен институтлары, соның ишинде, Ашхабадтағы Превентив дипломатия бойынша регионаллық орай белсене қатнасады, деп үмит етемиз.
Ҳүрметли дослар!
Глобаллық көлемде кескинлик сақланып атырған ҳәм мәмлекетлер арасында исеним төменлеп атырған ҳәзирги шараятта тынышлықты сүйиўшилик ҳәм дәлдалшылық принциплерине улыўма садықлық ҳәр қашанғыдан да айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Мине, соның ушын да Түркменстанның 2025-жылды “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы дүнья жәмийетшилигиниң ең әҳмийетли талапларына жуўап береди.
Өзбекстан бул басламаны толық қоллап-қуўатлады ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының тийисли резолюциясының жәрдемши авторы болды.
Бул глобаллық идея қарама-қарсылықларды бийкарлайтуғын, келиспеўшиликлерди сөйлесиў столы әтирапында шешиўге садық ҳәм тынышлық орнатыў бойынша тәсиршең илажлар көриў тәрепдары болған мәмлекетлердиң бирлесиўине хызмет етеди, деп есаплаймыз.
Өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик принциплери бизиң Орайлық Азияны тынышлық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық мәканына айландырыў бағдарындағы сиясатымыздың да тийкары екенин атап өтиўди қәлер едим.
Өткен айда Ташкентте болып өткен регион мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы аўызбиршиликти беккемлеў, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер, көп тәреплемели экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенимизди және бир мәрте көрсетти.
Соны айрықша атап өтиў керек, Түркменстанның конструктивлик ҳәм тынышлықты сүйиўши сиясат Орайлық Азияда турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады.
Рәсмий Ашхабад 2018-жылы – көп жыллардан берли биринши мәрте Аралды қутқарыў халықаралық қорына ағза мәмлекетлер басшыларының биринши саммитин шөлкемлестирген ҳалда, Қор шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерди қайта тиклеўде үлкен роль атқарды.
Усы жылдың август айында Авазада БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясының өткерилиўи регионда бирден-бир транспорт-логистика мәканын қәлиплестириўге әҳмийетли үлес болып қосылды.
Аўғанстанды регионаллық экономикалық процесслерге тартыў ҳәм инфраструктуралық байланыслылықты күшейтиў арқалы тыныш жол менен раўажландырыўға жәрдемлесиў мәселелери бойынша бизиң ҳәм Түркменстанның көзқараслары толық сәйкес келеди.
Ашхабадтың энергетика ҳәм суў қәўипсизлиги, турақлы транспорт байланыслылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, регионда экосистеманы қорғаў бойынша басламалары бизиң Орайлық Азиядағы ҳәрекетлеримизди тәбийғый түрде толықтырмақта.
Түркменстанның тийкарында тынышлық ҳәм исеним сыяқлы ийгиликли идеялар жәмленген бул усыныслары оның регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматындағы басшылығы даўамында күн тәртибинен мүнәсип орын ийелейтуғынына исенемен.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм аўызбиршиликке тийкарланған бирге ислесиў ең уллы режелерди турмысқа енгизиў имканиятын береди. Соның ушын бул режелерди гуманитарлық бирге ислесиў арқалы алға қойыў әҳмийетли.
Усы мүнәсибет пенен келеси жылы Ташкентте дөретиўшилик жәмәәтлер, илимпазлар ҳәм жазыўшылардың қатнасыўында “Мәдениятлар қарым-қатнасы” деп аталған биргеликтеги халықаралық гуманитарлық форумды шөлкемлестириў, сондай-ақ, билимлендириў, мәденият ҳәм волонтёрлық ҳәрекети тараўларындағы басламаларды биргеликте әмелге асырыў арқалы жасларды тынышлық ҳәм исеним процесин беккемлеўге тартыўға қаратылған “Жаслар тынышлық ҳәм исеним жолында” регионаллық бағдарламасын енгизиўди усыныс етемиз.
Қәдирли дослар!
Тынышлық ҳәм исеним – улыўма абаданлық тийкары. Бул қәдириятларды беккемлеў пүткил халықаралық жәмийетшилик ушын шешиўши тийкарғы бағдар болып қалыўы зәрүр.
Өзбекстан дүньяда әдалатлы ҳәм турақлы тәртипти қурыўға буннан былай да әмелий үлес қосыўға таяр.
Форум қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс, туўысқан Түркменстан халқына болса тынышлық, абаданлық ҳәм және де раўажланыў тилеймен.
ӨзА