Сенатта Бразилия сыртқы ислер министриниң орынбасары менен ушырсыў болып өтти

6

Усы жылдың 11-декабрь күни Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Бразилия Федеративлик Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Сюзан Клеебанк пенен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Бразилия қатнасықлары ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўдиң перспективалары додаланды.

Ушырасыўда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, экономикалық раўажланыў, инвестициялық орталық ҳәм кадрлар потенциалы жоқары баҳаланды.

Сиясий мәсләҳәтлесиўлер, саўда-экономикалық бирге ислесиў, инвестициялар ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы үйлесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Олий Мажлисте шөлкемлестирилген Бразилия менен парламентлераралық дослық топарының жумысы ҳәм Бразилия парламентинде Өзбекстан менен дослық топарын шөлкемлестириў ушын бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди және де жеделлестириў, парламент ағзалары арасында онлайн ушырасыўлар шөлкемлестириў ҳәм Бразилия Миллий конгресси делегациясының Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги