«Академик кубоги» олимпиадасы өткерилди

8

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте академиялық лицей оқыўшылары арасында химия пәнинен «Академик кубоги» олимпиадасы шөлкемлестирилди.

Бул илаж қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың илимге болған қызығыўшылығын ҳәм излениўшеңлик руўхын және де күшейтиў, сондай-ақ, халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги пән олимпиадаларына таярлық процесин жетилистириўге қаратылған әҳмийетли илимий-ағартыўшылық платформаға айланды.

Олимпиаданың ашылыў мәресиминде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы О.Дуйсенбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик А.Реймовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде жаслардың билим алыўы ҳәм илимий потенциалын арттырыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтип, бул олимпиада жас химиклердиң өз билим ҳәм қәбилетин көрсетиўи ушын әҳмийетли майдан болатуғынына тоқталды ҳәм барлық қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

-Бул әҳмийетли илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрьдеги “Қәбилетли жасларды таңлап алыў системасын ҳәм академиялық лицейлер жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4910-санлы қарары, сондай-ақ, 2020-жыл 12-августтағы “Химия ҳәм биология тараўларында үзликсиз билимлендириўдиң сапасын ҳәм илим нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4805-санлы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди. – дейди  академик Ахмед Реймов.

Олимпиада процесинде академиялық лицейлердиң ең қәбилетли оқыўшы-жаслары химия пәни бойынша теориялық ҳәм әмелий бағдарларда өз билимлерин сынақтан өткерди. Олар ушын арнаўлы қурамалы сораўлар, лабораториялық шынығыўлар ҳәм химияның заманагөй бағдарлары бойынша тапсырмалар таярланды. Бул болса, оқыўшылардың тек сабақлық шеңбериндеги билимлерин емес, ал логикалық пикирлеў, таллаў, илимий излениў алып барыў көнликпелерин де тексериўге хызмет етеди.

Өткерилген олимпиада соңында, биринши орынды ҚМУ жанындағы Академиялық лицейдиң тәбийий пәнлер бағдары 2-курс оқыўшысы Фатима Жиенбаева ийелеўге миясар болды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды НМПИ жанындағы Академиялық лицейдиң 2-курс оқыўшысы Айзада Сарсенбаева ҳәм  ҚМУ жанындағы Академиялық лицейдиң 2-курс оқыўшысы Гүлайым Жолдасбаевалар жеңип алыўға еристи.

Жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы