Мәлимлеме технологиялары тараўында мәмлекетлик қадағалаў системасы жетилистириледи

24

Мәлимлеме ҳәм санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы төмендеги тараўларда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди:

– информатизациялаў, телекоммуникациялар, почта байланысы, санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў,

– ғалаба хабар қуралларын дизимге алыў ҳәмде олар тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў,

– балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў.

2027-жыл 1-январьға шекем төмендеги имканиятларға ийе “Санлы қадағалаў” платформасы иске түсириледи;

– халық жасайтуғын, соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақлардағы санлы технологиялар ҳәм телекоммуникациялар тараўларында көрсетилип атырған хызметлерди мониторинг етиў;

– мәлимлеме системалары, ресурслары, программалық өнимлер ҳәм мағлыўматлар базаларында жүзеге келген үзилис ямаса тоқтаў жағдайы бойынша тийисли шаралар көриў;

– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлардың оператив көрип шығылыўын шөлкемлестириў.

ӨзА