Өзбекстан Президентиниң Түркменстанға әмелий сапары басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни әмелий сапар менен Ашхабад қаласына келди.
Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Хожамират Гелдимирадов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.






Өзбекстан Президенти Ашхабад қаласына келген соң, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан жетекшисин тарийхый сәне – турақлы бийтәрепликтиң отыз жыллығы менен қызғын қутлықлады ҳәм усы әҳмийетли ўақыяға бағышлап ертең өткерилетуғын халықаралық форум жумысына табыслар тиледи.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын, биринши гезекте, сиясий, парламентлераралық, саўда-экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди де көрип шықты.


Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти ҳәм туўысқан халқын мәмлекет бийтәреплиги жәрияланғанының 30 жыллығы, усы әҳмийетли сәнеге бағышланған халықаралық форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм 2025-жыл “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәрияланғаны менен қызғын қутлықлады.

Түркменстан Президентиниң жақында болып өткен Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклигин буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Жыл басынан берли товар алмасыў дерлик бир миллиард долларға жетти. “Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасы табыслы жумыс алып бармақта. Жүк тасыў көлеми 30 процентке артты, соның ишинде, Түркменбашы порты арқалы жеткерип бериў жеделлести. Гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўлар даўам етпекте.

Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңеси ҳәм Аймақлар форумының болажақ мәжилислеринде саўда көлемин есесине арттырыў және экономика тармақлары, атап айтқанда, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды нәтийжели алға қойыў бойынша тәсиршең илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстанға әмелий сапары даўам етпекте.
ӨзА