Өзбекстан-Парагвай қатнасықлары жаӊа раўажланыў басқышына көтерилди

Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья 11-декабрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Қўчқоров ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Көксарай резиденциясында Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пеньяны күтип алыў мәресими болды.
Бул жерде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Өзбекстан менен Парагвай арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары додаланды.

Өзбекстан жетекшиси Парагвай басшысын қызғын қутлықлап, Латын Америкасы мәмлекети Президенти тәрепинен Өзбекстанға биринши мәрте әмелге асырылып атырған бул сапар етиў тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бул саммит еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларды раўажландырыўда жаңа дәўирди баслап беретуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.
Өз-ара саўданы көбейтиў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, санластырыў, туризм ҳәм спорт тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер сиясий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм өз-ара пайдалы тараўларда әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге таяр екенин тастыйықлады.
Болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Сондай-ақ, жетекшилер жанында Өзбекстанның ЖСШға қосылыўы шеңберинде базарға кириў мәселелери бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмақланғаны ҳаққындағы протокол және Сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиў механизмин жолға қойыў ҳаққында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыў мәресими өткерилди.






Өзбекстан менен Парагвай арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.

Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық ҳәм шерикликти беккемлеўге, еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашыўға өз-ара исенимли умтылыстың белгиси сыпатында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Сантьяго Пенья биргеликте Ҳүрметли мийманлар қыябанында терек екти.




Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пеньяның Өзбекстанға рәсмий сапары даўам етпекте.
З.ЖОНИБЕКОВ,
ӨзА хабаршысы