Нөкис районында руўхыйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм қайырқомлық илажы өткерилди

53

Нөкис районында Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм дин ислери бойынша комитет жуўапкерлеринен ибарат жумысшы топар тәрепинен руўхыйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм қайырқомлық илажы өткерилди.

Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары Икрам дамла Шерниязов басқарып барды.

Нөкис районы «Имам ийшан» мешитинде өткерилген шөлкемлестириў мәжилисине Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының басшылары, қала ҳәм район бас имам-хатиблери, 2025-жылы ҳаж зияратына барған зыяратшылар ҳәм мәҳәлле баслықлары қатнасты.

Илаждың тийкарғы мақсети – имам-хатиблердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешитти басқарыў бағдарындағы жумысларын жақыннан үйрениў, олар менен биргеликте илажлар өткериў, оларға әмелий жәрдем ҳәм мәсләҳәт бериўден ибарат.

Усы мақсетте жумысшы топар ағзалары Нөкис районының 3 мешити ҳәм 12 мәҳәллесине бириктирилди.

Жумысшы топар ағзалары ҳәм имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мәҳәлледеги 60 шаңараққа кирип, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды, машқалаларын үйренди. Пикир-усынысларын тыңлап, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў ҳәм әмелий жәрдем илажларын әмелге асырды.

Атап айтқанда, 2 ерли-зайыплының ажырасыўының алды алынды ҳәм социаллық жетимликтиң жәмийетимиз ушын унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиндирилди. 34 кем тәмийинленген шаңарақларға азық-аўқат өнимлеринен материаллық жәрдем көрсетилди. Ишиўшиликке берилген 2 пуқара менен ушырасып, бул иллетиниң жаман ақыбетлери, қәдириятларымызға жат екенлиги түсиндирилип, саламат турмыс тәризине қайтыў бойынша усыныслар берилди. Сырт еллерде ўақытша мийнет етип атырған 9 мийнет мигрантларының шаңарақ ағзалары менен сәўбет өткерилип, диний ағымлар тәсирине түсип қалыўдың алдын алыў, рәсмий диний дереклерге мүрәжаат етиў бойынша түсиндирилди. Майып ҳәм наўқас пуқаралар жасайтуғын 13 шаңараққа кирип, олардан кеўил соралды, емлениў ҳәм дәри-дәрмақ ушын материаллық жәрдем көрсетиў режелестирилди. Сапар даўамында жасы үлкен, нураныйлардың да ҳалынан хабар алынып, елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абаданлығын тилеп дуўалары алынды.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналған қәўимге «Тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, шүкиршилик, жас әўлад тәрбиясы, жат идеялар тәсиринен сақланыў, миссионерлик ҳәрекетлеринен сергек болыў, той ҳәм мерекелерди ықшам өткериў, ысырапгершиликтиң алдын алыў» сыяқлы әҳимийетли темаларда баянатлар жасады.

Илаж соңында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, имам-хатиблердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешит басқарыўындағы жумысларына көрсетпе ҳәм усыныслар берилди, олардың алдағы жумысларында әўметлер тилеп, дуўа етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги