Туристлик соқпақларды шөлкемлестириў тәртиби белгиленди

73

Күни кеше қабыл етилген ҳүкимет қарары менен “Экоаймақларда туристлик соқпақларды шөлкемлестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже мәмлекетлик қорықханалардың буфер зоналары, миллий тәбият бағлары, питомник, тоғай ҳәм тоғай-аң хожалықлары, таўлы ҳәм шөл аймақларында (экоаймақлар) туристлик соқпақларды шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, баланста сақлаўшы туристлик соқпақты шөлкемлестириў ушын тийислилиги бойынша Туризм комитетиниң аймақлық бөлимине арза менен мүрәжат етеди. Арзаға туристлик соқпақ ҳаққында мағлыўматнама, картасы, фото ҳәм видео көринислер қосымша етиледи. Арза келип түскен күннен баслап 10 жумыс күни ишинде көрип шығылады.


Аймақлық бөлимше туристлик соқпақтың белгиленген талапларға жуўап бериўин орнына шыққан ҳалда үйренип шығып, нәтийжеси бойынша 2 нусқада акт дүзеди.

Туризм комитети аймақлық бөлимшеси тәрепинен жиберилген ҳүжжетлерди 2 жумыс күни ишинде көрип шығып, туристлик соқпақты Туристлик соқпақлардың бирден-бир реестрине киргизеди. Бирден-бир реестрге киргизилген туристлик соқпақлар шөлкемлестирилген болып есапланады.

Баланста сақлаўшы туристлик соқпақ реестрге киргизилген күннен баслап 1 ай ишинде оның кириў орнында паспортын ҳәм картасын және белгиленген мәлимлеме белгилерин орнатады.

М.Комилова, ӨзА