Аль-Азҳар ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилди

Египеттеги ислам дүньясының ең абырайлы илимий орайларынан бири – Аль-Азҳар ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў кейинги жылларда избе-из раўажланып бармақта. Каирде болып өткен Өзбекстан делегациясының сапары еки тәреплеме қатнасықларды және де стратегиялық дәрежеге алып шықты.
Шайх Аҳмад ат-Таййиб пенен өткерилген ушырасыўларда билимлендириў, илим, ағартыўшылық ҳәм диний-мәнаўий тараўларда бир қатар перспективалы жойбарлар бойынша келисимге ерисилди. Бул процесс тек ғана еки мәмлекет қатнасықлары емес, ал пүткил ислам дүньясының раўажланыўы ушын әҳмийетли ўақыя сыпатында баҳаланбақта.
Шайх Аҳмад ат-Таййиб Өзбекстан менен бирге ислесиў тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтип, еки мәмлекет арасындағы илимий байланысларды және де тереңлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Ушырасыў даўамында Аҳмад ат-Таййиб Азҳар шарифтиң Шайхы ҳәм Мусылман Данышпанлары кеңесиниң баслығы Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы, Шайх Зайд атындағы “Инсаный дослық” халықаралық сыйлығы төрешилер қурамының ағзасы Саида Мирзиёеваны қабыллады. Сапар етиў шеңберинде еки тәреплеме илимий ҳәм ағартыўшылық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Имам Ағзам Аҳмад ат-Таййиб Саида ханымды Азҳар шәрипте қызғын күтип алды ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын сәлемин жоллады. Ислам ақылының ең жарқын илимий ҳәм идеологиялық дәстүрлери әйне усы ел менен байланыслы болып, мәўереуннаҳрлы уламалар – Имам Мотуридий, Термизий, Замахшарий, Фарабий, Хорезмий ҳәм басқалардың мийрасы пүткил ислам илимий мийрасында оғада үлкен орын ийелейтуғыны атап өтилди. Олардың тәсири тек ғана ислам цивилизациясы емес, ал пүткил инсаният раўажланыўына хызмет еткен.
Доктор Аҳмад ат-Таййиб, сондай-ақ, Саида Мирзиёеваның мәмлекетте ҳаял-қызлардың басшылық лаўазымларында жумыс алып барыўы, социаллық тараўлардағы басламалары, инсан ҳуқықлары, балаларды қорғаў, билимлендириў ҳәм мәдениятты раўажландырыў жолындағы жумысларын жоқары баҳалады. Ол ҳаял-қызлардың ҳуқықларын шеклейтуғын илимсизлик дәўиринен қалған үрп-әдетлер ислам шәриятына қайшы екенин айрықша атап өтти.
Саида Мирзиёева, өз гезегинде, Азҳар Шайхының глобаллық көлемде адамгершилик, кеңпейиллик, тынышлық ҳәм дослық қәдириятларын үгит-нәсиятлаўдағы орнын үлкен ҳүрмет пенен атап өтти. Ол Өзбекстан Ислам академиясы тәрепинен 2018-жылы Шайх ат-Таййибке берилген ҳүрметли доктор атағы менен мақтанатуғынын билдирди. Сондай-ақ, ол Азҳар Шайхына Президент Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин жеткерди.
Саида Мирзиёева Өзбекстан тәрепинен Азҳар ҳәм Мусылман Данышпанлары кеңеси менен бирге ислесиўди тереңлестириўге қызығыўшылық үлкен екенин билдирди. Соның ишинде, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, студентлер ҳәм изертлеўшилердиң алмасыўын жолға қойыў, Азҳар университети ҳәм Өзбекстан Ислам академиясы арасында 100 мыңнан аслам ислам қолжазбаларын изертлеў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў, Имам Мотуридийдиң илимий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, экстремистлик идеялардан жәбирленгенлерди реабилитациялаў бойынша Азҳар орайы ҳәм Өзбекстан диний уйымларының бирге ислесиўи кеңейеди.
Шайх ат-Таййиб бул усынысларды қоллап-қуўатлады ҳәм тез ўақыт ишинде әмелге асырыў ушын биргеликтеги комиссия дүзиўди буйырды.
Ушырасыў жуўмағында Саида Мирзиёева Азҳар Шайхыны Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиў ҳәм Орайлық Азиядағы ең ири Ислам цивилизациясы орайының ашылыў мәресиминде қатнасыўға мирәт етти. Шайх ат-Таййиб мирәтти қанаатланыўшылық пенен қабыл етип, бул орайды Өзбекстан халқы ушын үлкен тарийхый ўақыя екенин атап өтти.
Ал-Азҳар ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў жаңа, сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилди. Режелестирилип атырған биргеликтеги илимий жойбарлар, студентлер ҳәм қәнигелердиң алмасыўы, қолжазбаларды үйрениў, экстремизмге қарсы ағартыўшылық бағдарламалары, тек ғана еки мәмлекет емес, ал пүткил ислам дүньясы ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бул бирге ислесиў илим, ағартыўшылық ҳәм тынышлыққа қарай қаратылған стратегиялық қәдем.
Дильдора ДЎСМАТОВА, ӨзА
ӨзА