Онлайн зорлыққа қарсы бирге ислесиў күшейтилмекте

56

Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Орзигул Казиханова пайтахтымызда ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге бағышланған дөгерек сәўбетинде қатнасты.

Илаж усы жылы мәмлекетимизде өткерилген “Гендер зорлыққа қарсы 16 күнлик жедел ҳәрекетлер” кампаниясының жуўмақлаўшы басқышы сыпатында Инсан ҳуқықлары күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилди.

Онда нызамшылық базасын беккемлеў, санлы қәўип-қәтерди таллаў ҳәм мониторинг системаларын енгизиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Сенатор санлы мәканда ҳаял-қызлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенин атап өтти.

Илаж қатнасыўшылары жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў, мониторинг ҳәм баҳалаў қуралларын интеграциялаў, гендер теңлигин алға қойыўда мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик сектор, ҒХҚ ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының өз-ара бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелерин додалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги