Нөкисте Өзбекстан кубоги өткерилди

12

7-10-декабрь күнлери Нөкис қаласында жаслар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти. Жарыста мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 300 ден аслам спортшылар белбеўли гүрестиң классикалық ҳәм еркин бағдарында күш сынасты.

Нөкис олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайында болып өткен кескин беллесиўлерде республикамыздан қызлар арасында Шаҳло Қалмуратова, Жасмина Оралбаева ҳәм Айсулыў Қыдырбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды. Ал, Арайлым Шараповаға гүмис, Наргиза Саатдинова, Ҳүрлиман Ниязымбетова, Мадина Нийетбаева, Әсемай Макунова, Алфия Нуратдиноваларға қола медалы несип етти.

Ал, жигитлеримизге алтын медаль алыў несип етпей, олар өз салмақ категориялары бойынша екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, Асадбек Имангалиев, Исабек Бийсенбаев, Жанарыс Шынбатыров, Балмурат Аймуратов, Ринат Муратбаевлар гүмис, Дәўран Жумамуратов, Әлий Ильясов, Бахтыбай Сейитырзаев, Шерзад Медетбаев, Алпамыс Жаңабаев, Темирхан Исаков, Саламат Пурханатдинов, Муса Жумамуратов, Қуралбай ҳәм Жасур Муратбаевлар қола медальлары менен сыйлықланды.

Жас палўанларымызды жарысқа Гүлшад Өтемуратова, Анвар Сатниязов, Нурлыбек Ережепов, Шыңғыс Бийимбетов, Албина Алламбергенова, Қаршыға Боранбаев, Бекет Қалжанбаев, Рустем Жумабаев, Ильяс Сейтмуратов, Асылбек Сариев, Бөкенбай ҳәм Есет Садўақасовлар таярлады.

Улыўма командалық есапта болса, Әндижан ўәлаяты биринши, Наманган ўәлаяты екинши орынды ийелеген болса, республикамыз командасына үшинши орын несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы