Және бир хош хабар!

Алдын хабар берилгениндей, усы жылдың 8-13-декабрь күнлери Ҳиндстанның Нью-Деҳли қаласында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас бойынша ҳүкиметлер аралық комитетиниң 20-сессиясы өткерилип атыр.
Бул сессия көп миллетли Қарақалпақстан халқы ушын әҳмийетли ўақыяларға бай түрде өткерилмекте.
Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында берилген тапсырмалар шеңберинде қарақалпақ халқының әсирлер даўамында жетип келген бийбаҳа мәдений мийрасларын қәстерлеп сақлаў, оны жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылып, тапсырмалар берилген еди.
Бул ўазыйпаларды кеңнен енгизиў мақсетинде Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёеваның басшылығында жолға қойылған системалы ҳәм әмелий жумыслар бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин берди.
Халқымыздың дөретиўшилик мәденияты, турақ жай қурыў ҳәм архитектуралық билимлерин өзинде жәмлеген «Қара үй» ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының РЕПРЕЗЕНТАТИВ дизимине киргизилди.
Сессия жумысы шеңберинде дәслеп, “Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери” ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасын жедел қорғаў дизимине киргизилген болса, буннан соң «Қырғыз, Қазақ ҳәм Қарақалпақ отаўларын қурыўға байланыслы дәстүрий билим ҳәм көнликпелер» ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының РЕПРЕЗЕНТАТИВ дизимине киргизилди.

Атап өтиў орынлы, «Қара үй» – қарақалпақ халқының дөретиўшилик мәденияты, турақ жай қурыў ҳәм архитектуралық билимлери жәмленген, әўладтан-әўладқа өтип киятырған мәдений мийрасы болып есапланады. Қара үй 6, 8, 12 қанатлы болып, басқа халықлардың отаўларынан айрықшаланып турады.
Әлбетте, ЮНЕСКО сессия даўамында «Қобыз соғыў ҳәм атқарыў өнери», соның менен бирге, қарақалпақ халқының «Қара үй»и ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының РЕПРЕЗЕНТАТИВ дизимине киргизилгени халқымыздың кеўилин шексиз қуўанышқа бөлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги