Аўыл хожалығы қамсызландырыў қорының функциялары белгиленди
65

Ҳүкиметтиң усы жыл 6-декабрьдеги 772-санлы қарары менен “Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Реже Аўыл хожалығы қамсызландырыў қорының статусы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары, ҳуқықлары менен миннетлемелери, Қордың жумысын басқарыў тәртибин белгилейди.
Режеге бола, төмендегилер Қордың тийкарғы ўазыйпалары есапланады, соның ишинде:
- аўыл хожалығын қамсызландырыўды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў;
- қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге жеткерилген зыянның баҳасы аўыл хожалығы қамсызландырыў шәртнамасы шеңберинде төлениўин тәмийинлеў.
Қор өзине жүкленген ўазыйпа ҳәм функцияларды орынлаў шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе, соның ишинде:
- қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) шәртнамаларын дүзиў;
- дәлдалшылар, қамсызландырыў ҳәм қайта қамсызландырыў брокерлери ҳәм қамсызландырыў базарының басқа профессионал қатнасыўшылары менен тийисли шәртнамалар дүзиў.
Қордың жумысы Қордың басқарыў кеңеси тәрепинен басқарылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги