Исбилерменлик жумысына тийкарсыз араласыўлар сапластырылады

47

Тийисли пәрманға бола, 2026-жыл 1-июльден баслап басқышпа-басқыш қадағалаўшы уйымлар тәрепинен усы Пәрманда көрсетилген жағдайлар бойынша исбилерменлик субъектлеринде өткерилетуғын тексериўлер боди-камера жәрдеминде әмелге асырылады.

2026-жыл 1-январьдан:

Импорт етилген азық-аўқат өнимлериниң 9 ай даўамында сатылмағанлығы (гөш ҳәм мийўе-овощлардың 3 ай) ҳәм баҳасы БЕМниң 500 есесинен артық болған бул өнимлердиң қалдықта турғанлығы жағдайы көшпели салық тексериўин өткериў ушын тийкар есапланады;

  • көшпес мүлк объектлери ҳәм қурылыс материаллары бойынша салық базасы усы товарлардың базар баҳасынан келип шығып анықланады;
  • Өзбекстан аймағында физикалық тәреплерге электрон тәризде хызмет көрсетиўши ҳәм товарлар сатыўшы сырт елли юридикалық тәреплер салық уйымында дизимнен өтпестен жумыс алып барып атырғаны анықланып, дизимнен өткериў ҳаққында хабарнама жиберилгеннен кейин 30 күн ишинде дизимнен өтпесе, бул юридикалық тәреплердиң Өзбекстандағы жумысы шекленеди;
  • камерал салық тексериўин өткериўде салық уйымлары анықлаған айырмашылықты тийкарлаў ушын салық төлеўшилер тәрепинен қосымша ҳүжжетлер усынылғанда салық уйымлары тәрепинен олардың көрип шығылыўы мәжбүрий есапланады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги