Мүрәжат унамлы шешим тапты

Пуқара П.А. бурынғы өмирлик жолдасы алимент пулларын төлемей қойғанлығын, қыс мәўсими келиўи мүнәсибети менен перзентине қысқы кийим алыўы зәрүрлигин айтып, Бюроның Тахтакөпир районы бөлими баслығының алдына келип аўызша мүрәжат еткен.
Мүрәжатты үйрениў дәўиринде, Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетине тийкарланып мүрәжат етиўши П.А.ның пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын оның бурынғы өмирлик жолдасы Ж.Қ.дан алимент өндириў белгиленгенлиги, жуўапкер Ж.Қ. алимент пулларын өз ўақтында төлеп келмегенлиги ақыбетинде оның қарызы дерлик 23 миллион сумды қураўы анықланған.
Сол себепли, Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районы бөлими мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен дәрҳал орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди ҳәм усы жылдың 9-декабрь күни алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде қарыздардан 22 миллион 153 мың 336 сум алимент пуллары өндирилип, мүрәжат ийесине тапсырылған.
Буннан соң, мүрәжатшы П.А. Бюроның Тахтакөпир районлық бөлимине келип, бурынғы өмирлик жолдасы менен өз-ара келисилгенлиги себепли суд қарарының орынланыўын тоқтатыўды сорап өтиниш еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги