Коррупциялық ҳәм экономикалық нызамбузыўшылықларға қарсы гүресиў, комплаенс қадағалаўды жетилистириў мәселелери көрип шығылды

33

Президент Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни коррупцияға қарсы гүресиў, комплаенс қадағалаўды жетилистириў ҳәм санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер менен танысты.

Коррупция – көпшилик жәмийетлерде социаллық-экономикалық раўажланыўға зыян тийгизиўши аўыр жынаят. Ҳеш бир мәмлекет, регион, жәмийет коррупцияға қарсы иммунитетке ийе емес. Коррупция исбилерменликке, илимге, билимлендириўге, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да көплеген тараўларға үлкен зыян жеткереди, мәмлекет коррупцияласқан системада табыслы раўажлана алмайды.

Жаңа Өзбекстандағы реформалардың басынан-ақ бул ҳақыйқатты терең аңлаған ҳалда коррупцияның алдын алыў, ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша кең көлемли жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.

Бул тема әйне усы күнлерде додаланып атырғаны бийкарға емес. Себеби, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басламасы менен 2004-жылдан баслап ҳәр жылы 9-декабрьде Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни пүткил дүньяда белгиленеди. Бул сәне усы бағдардағы ҳәрекетлердиң нәтийжесин баҳалаў, әмелий нәтийжелерди таллаў ҳәм жаңа ўазыйпаларды белгилеў ушын әҳмийетли пурсат.

Өткен дәўирде мәмлекетлик уйымларда комплаенс қадағалаў структураларының жумысы қайта көрип шығылып, ишки қадағалаў бөлимлеринде 11 мыңнан аслам үйрениўлер өткерилгени, 793 миллиард сумлық қаржылардың мақсетсиз жумсалыўының алды алынғаны мәлим етилди. Дерлик 2 триллион сумлық финанслық қәте ҳәм кемшиликлер анықланды, 478 миллиард сумлық зыян өндирилди.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) тастыйықланғаны, олар тәрепинен 700 ден аслам үйрениў, мониторинг ҳәм қадағалаў илажлары өткерилгени нәтийжесинде 354 миллиард сумлық финанслық қәте ҳәм кемшиликлер анықланды, 1397 мәплердиң соқлығысыў жағдайы және дерлик 550 миллиард сум қаржының мақсетсиз жумсалыўының алды алынды. Лаўазымлы шахсларға 26 жынаят иси қозғатылды, 24 и ҳәкимшилик ҳәм 148 и интизамый жуўапкершиликке тартылды.

Денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, кадастр ҳәм қурылыс системалары және мәмлекетлик хызметкерлер арасында коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, кадрларды жумысқа алыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқыў курсларында оқытыў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта.

Тараўдағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў кластерин жолға қойыў усыныс етилди. Бул система Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, Есап палатасы ҳәм Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы, уйымлардың ишки қадағалаў бөлимлери, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында бул иллетке қарсы гүресиў бойынша тығыз бирге ислесиўин орнатыў ҳәм олардың ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет етеди.

Кластер шеңберинде мәлимлеме алмасыў, биргеликтеги илажлар өткериў, мониторинг ҳәм баҳалаў арқалы тутас экосистема жаратылады, жумыслардың нәтийжелилиги артады.

Презентацияда тараўды санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

Ҳәр қыйлы уйымлардың мағлыўмат базаларын интеграциялаў тийкарында Қәўип-қәтер анализи орайын шөлкемлестирип, коррупциялық қәўип-қәтерлерди және мәмлекетлик сатып алыўларда аффиллениў жағдайларын автомат түрде анықлаў режелестирилген. Сондай-ақ, комплаенс бөлимлериниң жумысын толық санластырыў, коррупциялық факторлар ҳәм қәўип-қәтерлерди анықлаў оперативлигин арттырыў бойынша режелер таныстырылды.

Қарарлар қабыл етиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Усы мақсетте “Е-қарар” системасында ҳүжжетлердиң ашық жәрияланыўы үстинен қадағалаўды ҳәм бюджет қаржыларынан пайдаланыўда жәмийетлик қадағалаў имканиятларын кеңейтиў тапсырылды.

Превентив илажлардың көлемин ҳәм тәсиршеңлигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Тараў ҳәм тармақларда коррупция факторларын сапластырыў бойынша жойбарлаў офислерин шөлкемлестириў усыныс етилди. Онда коррупция жынаятлары статистикасы ҳәм бюрократия дәрежеси жоқары, жумысы бойынша пуқаралардан ең көп мүрәжатлар келип түсип атырған және санластырыў дәрежеси төмен болған тараўлар менен мәнзилли ислесиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Бундай тараў ҳәм тармақларда жойбарлаў офислери шөлкемлестирилип, жумыс жуўмақлары бойынша есабат таярланады ҳәм жәмийетшиликке жәрияланады.

Улыўма, коррупцияға қарсы гүресиў процесине кең жәмийетшиликти тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда инвестициялық жойбарлардың орынланыўын қадағалаўшы басламашы топарларды көбейтиў, қурылыс жумысларын қадағалаўда мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўын тәмийинлеў усыныс етилди.

Коррупция ҳаққында хабар берип атырғанлардың санын арттырыў мақсетинде оларға қорғаў ордерин бериўди жолға қойыў, хошаметлеўдиң реал механизмин енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. “Коррупцияға қарсы гүресиўге қосқан үлеси ушын” көкирек белгисин шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысына қосымша қун салығы ҳәкимшилигиндеги қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, түрли тараўлардағы экономикалық ҳуқықбузарлықларға қарсы көрилип атырған илажлар ҳаққында есабат берилди.

Жуўапкерлерге бул бағдарда тек ғана жынаяттың ақыбетлери менен гүресиў емес, ал оған себеп болып атырған факторларды сапластырыўға айрықша итибар қаратыў, жумысты санластырып, аралықтан қадағалаў механизмлери ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Профилактика жумысларын күшейтиў, финанслық ҳәм ҳуқықый саўатлылықты арттырыў, нызам бузылыўларына имканият беретуғын бослықларға жол қоймаў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлерин турақлы түрде жетилистирип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА