Президентимиз аўыл хожалығы хызметкерлери менен сөйлести

38

Президент Шавкат Мирзиёев Көксарай резиденциясында Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында пидәкерлик ҳәм машақатлы мийнети менен зүрәәт жетистирип, ел дастурханына қут-берекет алып кирип атырған барлық дийқан, фермер, бағман, шарўа, суўшы, агроном ҳәм механизаторларға өзиниң терең ҳүрмет-иззетин билдирди.

– Сизлердиң тек ғана аўыл хожалығы емес, ал экономиканы раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў, азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарындағы теӊсиз ислериңиз ҳәр қанша мақтаўға ылайық, – деди Президентимиз.

Быйыл халқымыздың 3,5 миллионнан аслам ўәкили мийнет етип атырған аўыл хожалығында үлкен шеклерге ерисилди. Пахташылықта мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз тәрепинен 875 мың гектар жерде 4 миллион тоннаға шамалас қырман жаратылды. Биринши мәрте пахтада орташа зүрәәтлилик 46 центнерге жетти.

Ғәллекешлеримиз быйыл 8 миллион 400 мың тонна қырман жаратты, орташа зүрәәтлилик болса 85 центнерди қурады. Салыгерлеримиз быйыл 268 мың гектар жерге салы егип, 1 миллион 340 мың тонна өним алды, орташа зүрәәтлилик 50 центнерге жетти.

Үш жылда 155 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлық жаратылды, интенсив бағлар 150 мың гектарға жеткерилди. Усы жылы 3,4 миллион тонна мийўе, 2 миллион тонна жүзим, 19,5 миллион тонна овощ, палыз ҳәм картошка, 1 миллион тонна собықлы ҳәм майлы егинлер жетистирилди.

Жыл басынан азық-аўқат экспорты 37 процентке өсип, 3 миллиард долларға жетти, жыл жуўмағы менен бул көрсеткиш биринши мәрте 3,2 миллиард доллардан артады. Мийўе-овощларымыз кирип барған мәмлекетлердиң саны 18 ге көбейип, 83 ге жетти.

– Әлбетте, бундай үлкен нәтийжелер артында дийқан ҳәм фермерлеримиз, кластерлер, улыўма, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы ҳәр бир инсанның мийнети, мәртлиги, пидайылығы тур, десек дурыс болады.

Олардың мийнети, мәрт ҳәм уллы пазыйлетлери ҳәр қандай тән алыў ҳәм итибарға ылайық, – деди Президентимиз.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 9-декабрьдеги пәрманына муўапық, тараўда айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Мәресимде мине, усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Президентимиз сөзиниң даўамында келеси жыл ушын тараў алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Жаңа агротехнология жәрдеминде 76-схема бойынша пахта жетистириў келеси жылы ғалаба ен жайдырылып, 891 мың гектарда толық усы схема бойынша пахта жетистириледи. Ғаўаша қуртына, гербицидке, шор ҳәм суўсызлыққа шыдамлы сырт ел сортлары егилетуғын майданлар 2 есеге көбейтилип, 500 мың гектарға алып шығылады.

“Шинжон тәжирийбеси” тийкарында 300 мың гектарға шигит егиледи. Буның ушын атызларда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге 2 триллион 600 миллиард сум жеңиллетилген кредит ажыратылады. Өз қаржысынан пахта жетистирген фермерлерге өнимниң 10 процентине шекемги бөлегин субсидиялаўға 250 миллиард сум бериледи.

Онда пахта жетистириў ушын кредит лимитиниң ярымынан пайдаланған фермерлерге де өнимниң 5 процентине шекем субсидия бериледи.

Жергиликли жаңа пахта сортларын жаратыў жумысларына да айрықша итибар қаратылады.

Атап айтқанда, илимий орайларда 56 жергиликли сортты сырт ел сортлары менен селекциялаў тийкарында пахта туқымгершилиги раўажландырылады. Геномика ҳәм Пахташылық илимий институтларына фитотрон ҳәм ыссыхана қурып бериледи.

Пахта жетистириў ушын биржа арқалы минерал төгин ҳәм жанылғыны 10-15 процент арзан баҳада жеткерип бериў әмелияты келеси жылы да даўам еттириледи.

Енди пахта ҳәм ғәлле бағдарындағы фермерлердиң өз алдына рейтинги жүргизиледи.

Онда кеминде 10 жылдан артық ислеп атырған, кредит, лизинг ҳәм салықтан мүддети өткен қарызы болмаған фермерлерге рейтингине қарап Аўыл хожалығы қорынан берилип атырған жеңиллетилген кредит ставкалары және де төменлетиледи. Яғный рейтингтиң жоқары текшесинде турған фермерлерге кредит ставкасы пахта ушын 8 процент, ғәлле ушын 10 процент етип белгиленеди.

Мырзашөлде инновациялық аўыл хожалығы мектеби шөлкемлестирилмекте. Пүткил республикадағы 1 мың фермер бул мектепте шөл шараятында пахта жетистириў бойынша оқытылады. Усы мектепте оқып, сертификат алған фермерлерге рейтингте қосымша 10 балл бериледи.

Маман агрономларды көбейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сонлықтан, Аграр университеттиң 180 студенти дуал билимлендириў тийкарында алдынғы кластер ҳәм фермерлерде ислеп, әмелият өтейди. Агрономиялық сырларды үйреткен фермер ҳәм кластерге ҳәр бир студент ушын 5 миллион сумнан пул, студентке болса 1,5 миллион сум стипендия төленеди.

Фермерлердиң жумысына жаңалықлар алып кирип, сапалы туқым ҳәм сорт, заманагөй агротехнология жәрдеминде өнимдарлықты арттырыў ҳәм қәрежетлерди қысқартыўға жәрдемлескен жас агрономларға 2 мың доллардан айлық төленеди.

Пахташылықта механизациялаў дәрежесин 85 процентке жеткериў ушын келеси жылы және 800 терим машинасы, 450 көп функциялы сеялка ҳәм 3 мың дана плёнка жыйнаўшы машина алып келиниўи белгиленди.

Улыўма, пахташылықтағы жумысларды және де жанландырыў ушын 2026-жыл дийқан ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаўға 35 триллион сум бериледи.

Ғәллешиликте де шор, суўсызлық ҳәм ыссыға шыдамлы жаңа сортларды жаратыў бағдарындағы изленислер және де күшейтилетуғыны атап өтилди. Өз қаржысы есабынан ғәлле жетистирген фермерлерге пахтадағы сыяқлы зүрәәтиниң 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылады.

Сондай-ақ, жаңа бағ ҳәм жүзим бағларын шөлкемлестириў, ескилерин жаңалаў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етиледи.

Енди интенсив бағ шөлкемлестириў ушын 7 жылға 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 14 процентлик кредит бериледи. Музлатқышлы қоймахана ушын кредит процентиниң тийкарғы ставкадан артқан 8 процентке шекемги бөлеги қапланады. Овощ экспортшылары ҳәм бағманларға қадақлаў қәрежетиниң 50 проценти компенсация етиледи.

Мийўе-овощларды көбейтиў ушын жайлаў, қыр ҳәм далалардан нәтийжели пайдаланыў оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте санаатласқан бағ, жүзимзар шөлкемлестириў, овощ, от-жем егинин жетистириў ушын даланыӊ жерлер баҳасының 1 проценти муғдарындағы баҳа менен аукционда сатылады. Аукцион жеңимпазлары жерди басқа адамға қайта ижараға бериўи мүмкин болады ҳәм ижара ҳуқықы бийпул дизимнен өткериледи.

Ҳәзирги тез өзгериўшең шараятта базарлардағы баҳаның турақлылығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў турақлы дыққат орайында болыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

Ҳәзирги ўақытта гүз-қыс ушын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери резервленип атыр. Енди бул жумысты жыл даўамында әмелге асырып, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ушын турақлы интервенция системасы енгизилетуғыны жәрияланды.

Және бир әҳмийетли, итибар қаратыў зәрүр болған мәселе – гөш ҳәм сүт өнимлерин көбейтиў.

Келеси жылы шеттен 100 мың бас қарамал ҳәм 200 мың бас қой-ешки алып келинеди. Пахта ҳәм ғәлле бағдарындағы фермерлерге өз жеринде шарўашылықты жолға қойыў ушын 20 сотихқа шекемги майданда жеңил конструкциялы имарат қурыўға руқсат бериледи. Импорт етилген нәсилли қарамал ҳәм бир күнлик шөже ушын субсидия ажыратыў тәртиби және 5 жылға создырылады.

Шарўашылық жойбарлары ушын келеси жылы Жәҳән банки ҳәм Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорынан алып келинген ресурслар есабынан 157 миллион доллар қаратылады. Бул қаржылар шарўаларға 10 жыл мүддетке 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 проценттен бериледи.

Балықшылықта нәсилди жаңалаў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша да бир қатар жаңалықлар енгизиледи.

Соның ишинде, карп ҳәм суўық суў балықлары бойынша Венгрия ҳәм Норвегиядағы шериклер менен Янгийўл ҳәм Бостанлық районларында 2 нәсилшилик орайы шөлкемлестириледи.

Сырттан нәсилли ана балық алып келиў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи. Балықшылық хожалықлары инкубация, лаборатория, жабық суў айланысы системаларын импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етиледи. Интенсив балықшылықты жолға қойған хожалықларға жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылады.

Аўыл хожалығындағы субсидиялар усы ўақытқа шекем 6 министрлик тәрепинен ажыратылып атырған еди. Сол себепли, барлық субсидиялар бойынша финанслық хызметлерди бир жерде көрсететуғын Аграр тараўда төлемлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Агентлик тәрепинен келеси жылы дийқан ҳәм фермерлерге 2 триллион 200 миллиард сум муғдарында субсидия бериледи. Онда субсидия ажыратыў процеси ҳәзирги 4 басқыштан 2 басқышқа, оны алыўға кететуғын ўақыт болса 1 айдан 15 күнге қысқарады.

Келеси жылдан зүрәәтти ықтыярый қамсызландырыў пахта, ғәлле ҳәм ыссыханада жетистирилетуғын өнимлерден басланатуғыны белгиленди. Онда қамсызландырыў ушын төлемниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи.

Усы жылдың өзинде 100 ден аслам дрон жәрдеминде жер майданлары ҳәм егинлер мониторинги, алдынғы агротехникалық илажлар әмелге асырылды. Келеси жылы Қытайдан және 50 ден аслам заманагөй агродронлар алып келинеди. Ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 дрон мобиль комплекси арқалы агрохызметлер көрсетиў жолға қойылады.

Және бир мәселе – республикада егислик майданлардан өткен 70 мың километр узынлықтағы ашық дренаж ҳәм коллекторлар бар. Егер олар басқышпа-басқыш жабық системаға өткерилсе, егин егиў ушын қосымша майдан ашылады, изейкешлерди тазалаў қәрежетлери есесине үнемленеди.

Сонлықтан, ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилип, бул мақсетлер ушын 100 миллион доллар ажыратылатуғыны белгиленди.

– Мен бир гәпти қайта-қайта айтыўдан шаршамайман. Илим ҳәм излениў болмаған тараўда раўажланыў да, жетилисиў де, болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгин аграр тараўда 22 илимий орай, 260 лаборатория, оларда жүдә үлкен потенциалға ийе жүзлеген илимпаз ҳәм илимий хызметкерлер жумыс алып бармақта.

Бул потенциалдан толық пайдаланыў ушын “илим – билимлендириў – өндирис” интеграциясын тәмийинлейтуғын Аўыл хожалығы илимлери академиясы шөлкемлестириледи. Бул академия аўыл хожалығындағы фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыўға жуўапкер болады.

Буннан тысқары, 500 алдыңғы фермер, бағман ҳәм экспортшылар Қытай, Түркия, Голландия, Франция сыяқлы мәмлекетлерге жиберилип, оқытылады.

Ушырасыўда аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери менен ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти. Президентимиз олардың қосымша усыныслары менен пикирлерин тыңлады.

ӨзА