Парагвай Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанда болады
32

Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья 11-13-декабрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкентте болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Парагвай арасында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын додалаў режелестирилген.
Аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, санластырыў, туризм ҳәм спорт тараўларында әмелий шерикликти орнатыўға айрықша итибар қаратылады.
Парагвай жетекшиси, сондай-ақ, Халықаралық автомобиль федерациясы Бас ассамблеясында ҳәм федерация қәўендерлигинде өткерилетуғын жарыслардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасады.
ӨзА