Өзбекстандағы музей ҳәм зыярат орынларына “виртуал саяхат” етиў имканияты жаратылады

56

Мәдений мийрас агентлиги тарийхый естеликлер ҳәм музейлерге туристлер ағымын көбейтиў ҳәм хызметлер көлемин кеңейтиўге қаратылған Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықты.

Бул ҳүжжет Өзбекстанда мәдений мийрас ҳәм музейлер тараўын және де раўажландырыў, мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге кириў билетлерин санластырыў ҳәм алдыннан сатып алыў имканиятын жаратыў, мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге келиўши туристлердиң ағымын кескин арттырыў, сондай-ақ, жаңа заманагөй технологияларды қолланған ҳалда музейлер тараўын раўажландырыўға хызмет етиўи керек.

Ҳүжжет жойбарына бола, мәмлекетлик музейлер ҳәм мәдений мийрас объектлерине “виртуал саяхат” етиў имканиятын беретуғын бағдарлама ислеп шығылады ҳәм жолға қойылады. Сондай-ақ, мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге кириў билетлери санластырылады ҳәм алдыннан онлайн сатып алыў имканияты жаратылып, онда, билет операцияларының бирден-бир электрон системасы менен интеграцияланады.

Жойбарда, тәжирийбели жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда ҳәр бир музейдиң жеке брендин («Museum brandbook»), музейлердиң рәсмий веб-сайтларын заман талапларынан келип шыққан ҳалда толық жаңалаў ҳәм олардың мобиль қосымшаларын жаратыў да нәзерде тутылады.

Төлемли хызмет көрсетилетуғын мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге кириў билетлериниң баҳаларын оптималластырыў бойынша болса бирден-бир тәртипти ислеп шығыў режелестирилмекте.

Буннан тысқары, туристлик мәўсимде туристлер ағымы жоқары болған мәдений мийрас объектлери ҳәм мәмлекетлик музейлердиң түнги ўақытта (саат 22:00 ге шекем) жумыс алып барыўын және келиўшилерге хызмет көрсетилиўин жолға қойыў илажларын көриў нәзерде тутылмақта.

Атап өтилиўинше, бул қарар жойбарының қабыл етилиўи нәтийжесинде мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге кириў билетлерин санластырылады ҳәм алдыннан сатып алыў имканияты жаратылады, мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге келиўши туристлер ағымының кескин артыўына ҳәм жаңа заманагөй технологиялардың енгизилиўине ерисиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

                                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги