Жаңа жыл “супер шегирмелери” рас па ямаса рекламаның заманагөй көриниси ме?

Жаңа жыл байрамы жақынласып, базар ҳәм саўда орынларында түрли шегирмелер ҳәм акциялар жеделлеспекте. Бул процесс тутыныўшылар ушын қолайлы имканиятлар жаратады, исбилерменлер ушын болса саўданы сезилерли арттырыў имканиятын береди. Бәсеки комитети бул басламаларды қоллап-қуўатлап, исбилерменлерге ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге таяр.
Бирақ, айырым сатыўшылар тәрепинен жалған акция ҳәм шегирмелер жәрияланыўы, товардың алдынғы баҳасы ямаса шегирме шәртлери ҳаққында толық мағлыўмат бермеў сыяқлы жағдайлар да ушыраспақта. Усы жылдың өзинде комитетке келип түскен 48 мыңнан аслам мүрәжаттың үлкен бөлеги әйне дурыс ҳәм анық мәлимлеме берилмегенине байланыслы.
Усақлап сатыў қағыйдаларына муўапық, ҳәр бир шегирме жәрияланғанда оның анық муғдары, әмел етиў мүддети, товардың соңғы 30 күндеги ең төмен баҳасы ҳәм шегирмеге шекемги баҳа ҳаққындағы мағлыўматлар анық көрсетилиўи шәрт. Егер шегирме шекленген муғдардағы товарларға ямаса мәўсимлик өнимлерге тийисли болса, бул ҳаққында алдыннан тутыныўшыға хабар берилген болыўы керек. Акция даўамында усыныс етилип атырған шегирме ҳәм бонуслар ҳақыйқатында әмел етиўи, шәртлери өзгертилмеўи шәрт.
Нызамшылығымызда айырым товар түрлерине шегирме ҳәм хошаметлеўши акциялар өткериў қадаған етилгени де белгиленген – алкоголь ҳәм темеки өнимлери, никотин үскенелери, дәри қураллары усылар қатарына киреди.
Бәсеки комитети исбилерменлерди нызам талапларына қатаң әмел етиўге шақырады. Анықланған қағыйдалар бузылыў жағдайларында тийисли жуўапкершилик ҳәм финанслық санкциялар қолланылатуғыны еслетиледи.
Нигора Раҳмонова,
ӨзА