“Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери” ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасын жедел қорғаў дизимине киргизилди

10

Хош хабар!!!

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапарында берилген тапсырмалар шеңберинде қарақалпақ халқының әсирлер даўамында жетип келген бийбаҳа мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў, оны жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе, миллий музыка мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланған қобыз соғыў дәстүрлери ҳәм жыраўшылық өнерин заманагөй ҳәм илимий-әмелий тийкарларда раўажландырыў, жас әўладтың санасына терең сиңдириў, халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыў мәселелери тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп берилген еди.

Бул ўазыйпаларды кеңнен енгизиў мақсетинде Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева басшылығында системалы ҳәм әмелий жумыслар жолға қойылды. Атап айтқанда, тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар ислеп шығылып, миллий-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, оны илимий үйрениў ҳәм халықаралық майданларда мүнәсип усыныў бойынша анық илажлар белгиленди.

Усы жылдың 8-13-декабрь күнлери Ҳиндстанның Ню-Деҳли қаласында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў Ҳүкиметлераралық комитетиниң гезектеги ХХ сессиясы болып өтпекте. Оған дүньяның 185 мәмлекетинен мыңнан аслам делегация ағзалары қатнаспақта.

Бул сессияда Өзбекстан Республикасынан усынылған “Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери” (миллий) кандидатурасын ЮНЕСКОның жедел қорғаўға алыныўы лазым болған материаллық емес мәдений мийрасы элементлериниң дизимине киргизиў ҳаққындағы қарары бир даўыстан қабыл етилди.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында халқымыздың бай мәдениятларынан бири болған бақсышылық ҳәм жыраўшылық өнерин буннан былай да раўажландырыў, оның миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздеги орны менен әҳмийетин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

“Қобыз соғыў ҳәм атқарыў көркем өнери”ниң ЮНЕСКО дизимине киргизилиўи оның тарийхый, руўхый ҳәм мәдений қәдирият сыпатындағы орнының халықаралық дәрежеде тән алыныўы болып есапланады.

Комитеттиң қарарында атап өтилгениндей, дәстүрий эпикалық дәстанларды атқарыўда кеңнен қолланылатуғын қобыз әсбабы әҳмийетли социаллық ўазыйпаларды атқарады. Атап айтқанда, ол жәмийетте аўызбиршиликти беккемлеў, мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўға хызмет ететуғыны атап өтилген.

Сондай-ақ, бул қарар жыраўшылық өнерин илимий изертлеў, устаз-шәкирт дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, жаңа оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге жәрдем береди.

– Неше мың жыллық тарийхқа ийе қарақалпақ жыраўларының қобыз саз әсбабының ЮНЕСКО дизимине киргизилгенинен жүдә қуўанышлымыз.  Бул баба жыраў аталарымыздың әсирлер даўамында әрманларының орынланыўы болды. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз, -дейди Ҳиндстанда болып атырған делегация ағзасы, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов.

Бул қуўанышлы ўақыя менен пүткил халқымыз, көркем өнер ықласбентлери, устаз көркем өнер шеберлери ҳәм бул бийбаҳа мийрасты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлап киятырған пидайы инсанларды шын жүректен қутлықлаймыз.

                                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги