Интенсив балықшылықты жолға қойған хожалықларға жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылады

30

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.

Балықшылықта нәсилди жаңалаў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша да бир қатар жаңалықлар енгизиледи.

Карп ҳәм суўық суў балықлары бойынша Венгрия ҳәм Норвегиядағы бирге ислесиўшилер менен Янгийўл ҳәм Бостанлық районларында 2 нәсилшилик орайы шөлкемлестириледи.

Сырттан нәсилли ана балық алып келиў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи. Балықшылық хожалықлары инкубация, лаборатория, жабық суў айланысы системаларын импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етиледи.

Интенсив балықшылықты жолға қойған хожалықларға жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылады.

Керисинше, интенсив усылға өтпеген, көллерден нәтийжесиз пайдаланып атырған кәрханалар ушын жер салығы арттырылған ставкада қолланылады.

ӨзА