Ҳәр жылы вирустан жырақ он миллионнан аслам картошка мини түйнеклери таярланады

9

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.

Ҳәзирги тез өзгериўшең шараятта базарлардағы баҳаның турақлылығын ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў турақлы дыққат орайында болыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

– Дурыс, гүз-қыс ушын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин резервлеп атырмыз. Енди бул жумысты жыл даўамында әмелге асырып, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ушын турақлы интервенция системасы енгизиледи, – деди Президентимиз.

Жақында от-жем, майлы егин ҳәм картошка жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа механизмлер жәрияланған еди. Соның ишинде, келеси жылы фермерлерге 2025-жыл алған зүрәәт баҳасының 50 проценти муғдарында Аўыл хожалығы қорынан 12 процентлик кредит ажыратылады. Сырт ел валютасындағы кредит ставкасының 8 проценттен артқан бөлеги қаплап бериледи. Кредитлердиң 50 процентке шекемги бөлегине кепиллик усыныс етиледи.

Ҳәр жылы “ин-витро” лабораторияларда вирустан жырақ 10 миллионнан аслам картошка мини-туйнеклери таярланып, туқымгершилик хожалықларына бийпул бериледи.

ӨзА